Елимизде қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, республикамызда рәсмий статистикалық мағлыўматлардың жергиликли ҳәм сырт елли пайдаланыўшылар ушын максимал дәрежеде ашық-айдынлығын тәмийинлеў, соның ишинде, экономика тармақларының раўажланыў көрсеткишлери ҳаққындағы мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Нызам менен "Тәбиятты қорғаў ҳаққында"ғы ҳәм "Шығындылар ҳаққында"ғы нызамларға қурылыс айнасынан пайдаланыў нәтийжесинде пайда болған шығындыларды қайта ислеў қәрежетлерин қаплаў ушын утилизация жыйымын енгизиўди нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитетиниң атамасы ҳәм ҳуқықый статусын өзгертиўди нәзерде тутатуғын айырым нызамларға қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Сенаторлардың атап өтиўинше, нызамның қабыл етилиўи қурылыс айнасы тараўын раўажландырыўға, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўге, тутыныў қәсийетин жоғалтқан қурылыс айнасын қайта ислеў ўақтында пайда болатуғын шығындылардың зыянлы тәсиринен пуқаралардың денсаўлығын ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға, сондай-ақ, шығындыларды қайта ислеўге байланыслы жумысты раўажландырыўға хызмет етеди.
Бул, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң рәсмий статистикасы тараўында ҳәкимшилик реформаларды нәтийжели әмелге асырыў шеңберинде статистика уйымларының жумысын жетилистириў ҳәм пайдаланыўшылар ушын және де қолайлы шараятларды жаратыўға хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.









