Буның ушын Қурылыс ҳәм турақ
жай коммуналлық хожалығы министрлиги тәрепинен «Ogoh fuqaro» платформасы иске қосылды.
Платформа жәрдеминде
төмендегилерди орынлаў мүмкин:
анықланған нызамсыз қурылыс
жағдайы ҳаққында хабар бериў;
анық мәнзилин көрсетиў ҳәм
толық мағлыўмат бериў;
зәрүр жағдайларда
фотосүўретлерди ҳәм басқа да тастыйықлаўшы материалларды бириктириў.
Бундай мүрәжатлардың
берилиўи қала қурылысы нормаларының бузылыўын оператив анықлаў, қәўипсиз ҳәм
тәртипли қала орталығын қәлиплестириўге жәрдемлеседи.
"Нызамсыз қурылысларға
гүўа болсаңыз, бул ҳаққында «Ogoh fuqaro» платформасы арқалы хабар бериң", делинеди мәлимлемеде.
Қосымшаны жүклеп алыў: iOS
| Android