Хорезм ўәлаятында жаңаланған "Хазарасп" темир жол вокзалы ашылды

    9 желтоқсан 2025 131

    7-декабрь күни Хорезм ўәлаятында "Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийети тәрепинен оңланған, заманагөй көриниске келтирилген "Хазарасп" темир жол вокзалы пайдаланыўға тапсырылды.

    Жолаўшыларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде вокзалда күтиў залы, ана ҳәм бала ханасы, айрықша кириўге ийе касса, VIP зал, хызметкерлер ушын ханалар шөлкемлестирилген. Сондай-ақ, ысытыў ҳәм суўытыў (чиллер) системалары орнатылып, ханалар заманагөй мебель ҳәм үскенелер менен тәмийинленген.

    "Хазарасп" темир жол вокзалы реконструкцияланғаннан соң бир ўақыттың өзинде 250 жолаўшыға шекем, күнине 1000 ға шамалас жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болып, жоқары дәрежедеги сервис ҳәм келиўшилерге қолайлылық жаратады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates