Қубла Кореяда Өзбекстан пуқараларын мәўсимлик жумыс пенен тәмийинлеў бағдарламасы қайта тикленди

    Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги директоры Беҳзод Мусаев басшылығындағы делегация Қубла Кореяның Кёнсаннам-до провинциясы ҳәкими Пак Вансу менен сөйлесиў өткерди. Ушырасыў жуўмағында тәреплер Ташкент ўәлаяты турғынларын Е-8 визасы тийкарында аўыл хожалығындағы мәўсимлик жумысларға тартыўға келисип алды.

    Жумысшылар Хапчон ҳәм Чханнён округлери және Мирянг қаласында сегиз ай мүддетке жумысқа орналастырыў ушын таңлап алынады.

    Агентлик ҳәм ўәлаят ҳәкимлиги арасында әйне Ташкент ўәлаятынан мәўсимлик жумысшыларды жумысқа алыўды шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды. Бул бурын Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Корея Республикасы Әдиллик министрлиги арасында пуқараларымыздың Е-8 виза бағдарламасында қатнасыўын қайта тиклеў бойынша ерисилген келисимниң әмелий даўамы болды.

    Қубла Корея тәрепиниң талапларына бола, келисимлерде жумысшы күшин жиберетуғын ҳәм қабыл ететуғын аймақлар анық көрсетилиўи керек. Сентябрь айында Кёнсаннам-до губернаторы Ташкент ўәлаятында болып, сапар даўамында еки ўәлаят арасында дослық меморандумына қол қойылған еди. 14-октябрь күни болса бағдарламада тек ғана Ташкент ўәлаятының турғынлары қатнасыўы белгиленген еди.

    Пилот тәризинде ўәлаяттың үш районынан жумысшы күшине болған мүрәжатларды қанаатландырыў режелестирилген. 2026-жылдан баслап пуқараларымыз тәртипли ҳәм нәтийжели жумыс алып барса, бирге ислесиўди басқа аймақларда да кеңейтиў мүмкин.

    Өзбекстан биринши мәрте 2021-жылы Кореяға Е-8 визасы бойынша жумысшыларды жиберген, сол ўақытта ол жерде 420 адам тәжирийбе тийкарында мийнет еткен. Бирақ бес айлық шәртнама жуўмақланғаннан соң, қатнасыўшылардың бир бөлеги ўатанына қайтпады, нәтийжеде кореялы тәреп тәрепинен бағдарламаның әмел етиўи тоқтатып қойылды.

    Мине, көплеген пуқаралардың мүрәжатлары ҳәм еки мәмлекеттиң тийисли уйымлары арасындағы узақ мүрәжатлардан кейин Корея бул имканиятты және бир мәрте ашып берди. Миграция агентлиги пуқараларды мийнет шәртнамасы шәртлерине ҳәм қабыл етиў мәмлекетиниң нызамшылығына қатаң әмел етиўге, сондай-ақ, бағдарламаны буннан былай да кеңейтиў перспективалары соған байланыслы болғаны ушын өз ўақтында үйге қайтыўға шақырады.

    Усы жылдың ноябрь-декабрь айларында Қубла Корея жумыс бериўши округлери ҳәкимликлеринен бос жумыс орынларына арзалар ҳәм талабанлар дизимлери келип түсиўи күтилмекте. Қосымша мағлыўматлар Агентликтиң «Xorijda ish» телеграм каналында жәрияланады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates