Вашингтонда жетекши компаниялардың қатнасында дөгерек сәўбети болып өтти

    Вашингтонда жетекши компаниялардың қатнасында дөгерек сәўбети болып өтти.

    Усы жыл 20-декабрьде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев басшылығындағы делегацияның АҚШқа сапары шеңберинде Американың ири исбилермен топарларының ўәкиллери менен дөгерек сәўбети болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Акрам Алиев те қатнасты.

    Илажда Cove Capital LLC, City, Bridge Capital Group, Creative Associates, FL Smith, dōTERRA, Creative Associates, FL Smith, dōTERRA, CalCity Industrial Park LLC, Crown Iron Works, Edvard, Austin, Nobel- Systems, North Coast Communications, Komatsu, JP Morgan, Minnesota Soybean Association сыяқлы 40 тан аслам ири компания ҳәм корпорациялардың басшылары қатнасты. Сондай-ақ, ушырасыўда Өзбекстан-Америка Саўда палатасының басшылары, Ақ үй администрациясы ҳәм АҚШ Саўда министрлигиниң экспертлери де қатнасты.

    Исбилермен топарлардың ўәкиллери Өзбекстанды Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў бойынша АҚШ пенен сөйлесиўлер табыслы жуўмақланғанын қоллап-қуўатлады ҳәм бул процесс мәмлекетимиздиң халықаралық экономикалық байланысларын буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.

    Өз гезегинде, Америка компанияларының басшыларына Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларының раўажланыў динамикасы, Өзбекстанда сырт ел инвесторлары ушын жаратылған кең имканиятлар, жаңа қоспа жойбар басламалары таныстырылды. Қатнасыўшылар Өзбекстандағы реформалардың нәтийжелерин, атап айтқанда, таў-кән санааты, мәлимлеме технологиялары ҳәм телекоммуникациялар, аўыл хожалығы, машина қурылысы ҳәм агросанаат комплекси сыяқлы тараўларда жаратылған имканиятларды жоқары баҳалады.

    Илаж интерактив тәризде өткерилди: ҳәр бир компания басшысы менен ҳәм дөгерек сәўбетинде де G2B сөйлесиўлеринде бирге ислесиў перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды. Исбилермен топарлардың ўәкиллери додаланған жойбарларды табыслы әмелге асырыў процесинде Өзбекстан ҳүкимети ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиўге толық таяр екенин атап өтти.

    Дөгерек сәўбети жуўмақлары бойынша тәреплер бирге ислесиўди беккемлеў бойынша келеси жыл ушын ҳәрекетлер режесин ислеп шығыўға келисип алды, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.