Мағлыўматларға бола, ҳәзирги ўақытта Ташкент ҳәм Куала-Лумпур арасында «Uzbekistan Airways», «Batik Air» ҳәм «Air Asia» авиакомпаниялары тәрепинен ҳәптесине 7 мәрте қатнаўлар әмелге асырылмақта. Усы мүнәсибет пенен Малайзияға түрли мақсетлерде барып атырған пуқараларымыздың саны артып атырғаны бақланбақта, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Өзбекстан пуқаралары Малайзияға 30 күнге шекем кириўи ушын виза талап етилмейди.
Малайзия миграция нызамшылығына муўапық, мәмлекетке келиўши Өзбекстан пуқаралары төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:
- сырт елге шығыў паспортының әмел етиў мүддети кеминде 6 ай болыўы керек;
- Малайзияға келген күннен баслап 30 күн ишинде үшинши мәмлекетке қайтыў ямаса қайтыў ушын инглис тилинде басып шығарылған авиабилетти бериў;
- мийманхананың (жатақхананың) бронланғанлығы ҳаққындағы басып шығарылған ҳүжжетти инглис тилинде усыныў;
- Малайзияда болыў ушын жетерли қаржыға ийе болыў;
- егер кирип киятырғанлар инглис тилинде сөйлесе алмаса, олар сапар етиў мақсети ҳаққындағы мағлыўматты инглис тилинде қағазда алдыннан таярлап қойыўы ямаса телефонында сақлап қойыўы керек;
- Малайзияға келиўден үш күн алдын https://imigresen-online.imi.gov.my/mdac/main веб-сайты арқалы онлайн-санлы келиў картасын (Malaysia Digital Arrival Card) толтырыў ҳәм мәмлекетке кириў ўақтында паспорт қадағалаў пунктлеринде усы басып шығарылған картаны көрсетиў.
Жоқарыдағы талапларға әмел етилмеген жағдайда Малайзия шегараларды қадағалаў ҳәм қорғаў агентлигиниң ўәкиллери шет елли пуқараларды, соның ишинде, Өзбекстан пуқараларын шегара пунктлеринде (Куала-Лумпур халықаралық аэропорты ҳәм басқалар) киргизиўден бас тартыў ҳуқықына ийе.
Жоқарыдағылардан келип шығып, Өзбекстанның Куала-Лумпур қаласындағы елшиханасы Малайзияға сапар етиўди режелестирип атырған ўатанласларымызды жоқарыдағы талапларды есапқа алыўға ҳәм оларға қатаң әмел етиўге шақырады.
Қосымша мағлыўмат ушын Өзбекстанның Куала-Лумпур қаласындағы елшиханасына мүрәжат етиў мүмкин:
- Тел.: +603-4253-3406, +603-4253-2406.
- Веб-сайт: https://uzbekembassy.com.my/
- Facebook: https://www.facebook.com/uzembassymalaysia
- Instagram: https://www.instagram.com/uzembassymalaysia/
