Айырым аймақларда ҳаўа температурасының кескин төменлеўи ҳәм тәбийғый газге болған талаптың артыўы себепли қубырларда газ басымының төменлеўи бақланбақта. Халықтың турақ жайлары, медицина ҳәм билимлендириў мәкемелерин тәбийғый газ бенен тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа болып есапланады.

"Усы мүнәсибет пенен газ қуйыў шақапшаларының жумысына ўақтынша шеклеўлер киргизилди. Бул илажлар тек ғана суўық күнлерде халықты турақлы газ бенен тәмийинлеўге қаратылған болып, жағдай турақласқаннан кейин шеклеўлер бийкар етиледи", делинеди хабарда.

Аймақлардағы жағдайдан келип шығып, қосымша мағлыўматлар бериледи.

Атап өтилиўинше, тутыныўшыларды энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў мақсетинде энергетика системасы күшейтилген режимде күни-түни ислемекте. Аймақлардағы жумыслардың барысы турақлы қадағалаўға алынып, келип шыққан насазлықлар жеделлик пенен сапластырылмақта.

Онда социаллық тараў объектлери ҳәм жәмийетлик транспортқа газ жеткерип бериў турақлы ҳәм шеклеўлерсиз әмелге асырылады.