Волонтёр жаслар «Таза қала» акциясында белсендилик көрсетпекте

    16 наурыз 2025 54

    Президентимиздиң усы жылдың 21-февральдағи «2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы ҳәм «Мубәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында»ғы қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.

    Атап айтқанда, бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында ҳәр жылы дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Таза қала» акциясы азаннан баслап старт алды. Пайтахтымыз мәҳәллелеринде халқымыз, әсиресе, жасларымыз көтериңки кейпият пенен абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў илажларында белсендилик пенен қатнаспақта.

    Жаслар ислери агентлигиниң ийгиликли ислерге ҳәмийше таяр волонтёр жаслары да бул акцияға кеўилли түрде қатнасып, Сәрбиназ, Гөне қала, Гүлзар, Туран, Алмазар ҳәм Туран мәкан пуқаралар жыйынларында аймақларды тазалаў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын алып бармақта.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.