ЖДСШның мағлыўматларына бола, орал түрде қолланылатуғын nOPV2 препараты бар альтернативлерге салыстырғанда жоқары генетикалық турақлылығы ҳәм нәтийжелилиги менен ажыралып турады, бул жаңа эпидемиялардың пайда болыў қәўпин азайтады.

Жаңа вакцинадан пайдаланыў көплеген мәмлекетлер ушын полиомиелиттен жырақ аймаққа айланыў имканиятын жаратады.

Полиомиелит өткир вируслы кеселлик болып, нерв системасын, тийкарынан арқа мийди жарақатлайды. Ең үлкен қәўип топары - бес жасқа шекемги балалар. Айырым жағдайларда кеселлик паралич ҳәм өлим менен тамамланыўы мүмкин.