Нипах вирусының Ҳиндстаннан тысқарыда тарқалыў итималы аз, ол бундай кеселликтиң ҳәўиж алыўын тоқтатыў имканиятына ийе. Бул ҳаққында Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң (ЖДСШ) билдириўинде атап өтилген.

Буннан алдын Ҳиндстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги декабрь айынан берли республикада тек ғана еки адамда Нипах вирусы анықланғанын мәлим еткен еди.

"ЖДСШ бул еки жағдай ақыбетинде инфекцияның және де тарқалыў қәўпи жоқары емес, деп есаплайды", делинеди шөлкемниң Reuters агентлигине жоллаған электрон хатында. "Ҳәзирше вирустың адамнан адамға тарқалыўы күшейип атырғаны ҳаққында дәлил жоқ", делинеди билдириўде.

Бирақ ЖДСШ Ҳиндстанның айырым аймақларында ҳәм қоңсы Бангладеште жарғанатлар популяциясы бар екенлиги себепли вирус пенен жаңа кеселлениў жағдайлары болыўы мүмкинлигин бийкарламайды.

Бурын хабар етилгениндей, Ҳиндстан ҳүкимети Батыс Бенгалия ҳәкимияты менен тығыз муўапықласыўда "белгиленген протоколларға муўапық" дәрҳал илажлар көрди. Улыўма емленип атырғанлар менен байланыста болған 196 адам анықланып, тесттен өткерилди. Олардың ҳеш қайсысында да кеселлик белгилери болмаған ҳәм оларда Нипах вирусына салыстырғанда тест нәтийжелери унамсыз болған.

Нипах вирусы (NiV) патоген болып, қанатлылар туқымласына тийисли жарғанатлар тәрепинен тарқалады. Ол ҳайўанлардан адамларга жуғип, энцефалит ҳәм респиратор инфекциялардың аўыр түрлерин келтирип шығарыў қәбилетине ийе, олардын өлимшилик дәрежеси айырым жағдайларда 80% ке жетеди. Нипах вирусы менен кеселлениў ҳәр жылы Қубла ҳәм Қубла-Шығыс Азияның түрли аймақларында жүз берип, көп санлы өлим жағдайлары бақланбақта. Бул кеселлик 1998-жылы анықланған ўақыттан берли мыңға шамалас адамға жуққан, деп жазады tass.ru.