Илаж Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў қоры, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Самарқанд археология институты ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен ЮНЕСКОның жәрдеминде шөлкемлестирилди.
Форумда жетекши илимпазлар, археологлар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Қатнасыўшылар ең соңғы археологиялық ашылыўлар, Зарафшан ойпатының қала қурылысы, Самарқандтың дүнья цивилизациясының ең әййемги орайларынан бири сыпатындағы әҳмийетин додалады. Шығып сөйлегенлер арасында ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрас орайының директоры Лазар Элунду Ассомо, профессор Темур Ширинов ҳәм доктор Клод Рапен бар.
Конференция археология, мәдений мийрасты сақлаў ҳәм тарийхый қалаларды креатив раўажландырыў тараўында илимий алмасыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ушын әҳмийетли майданға айланды.
Додалаўлар нәтийжесинде халықаралық изертлеўлер тийкарында Самарқандтың тарийхы кеминде 3 мың жыллық екенлиги ҳаққында илимий жуўмаққа келинди. Бурын қаланың жасы 2750 деп белгиленген жағдай қайта көрип шығылып, енди Самарқандтың рәсмий жасы 3000 деп тән алынды.








