Энергетика министрлигиниң мағлыўматларына бола, бул 2025-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 678,1 миллион кВт/саат ямаса 40 процентке көп.

Дереклер бойынша бөлистириў:

  • қуяш ФЭСлери - 1 млрд 159,6 млн кВт/саат
  • самал электр станциялары - 1 миллиард 208,6 миллион кВт/саат

Экономикалық ҳәм экологиялық нәтийже:

  • 631 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленди
  • атмосфераға 1,3 миллион тонна зыянлы затлардың шығарылыўының алды алынды

Салыстырыў ушын, 2025-жылдың январь-март айларында "жасыл" энергияның улыўма ислеп шығарылыўы 1 миллиард 690,1 миллион кВт/саат (қуяш - 971,8 миллион, самал - 718,4 миллион кВт/саат) ти қурады.

Мағлыўмат ушын, бул муғдар 3,9 миллион шаңарақтың үш айлық ямаса 986 мың шаңарақтың бир жыллық тутыныўына тең.