Филал тәрепинен быйылғы жылы халыққа өз ўақтында сапалы тәбийғый газ жеткерип бериўдиң сапасын еле де жақсылаў, жылытыў мапазы дәўиринде тәбийғый газ жетип барыўы қыйын машқалалы аймақлар алдын ала үйренип шығылды ҳәм олар мәнзилли бағдарламаға киргизилип, қурылыс оңлаў, капитал реконструкция жумыслары режелестирилип алынды. Атап айтқанда, 2025-2026-жылдың гүзги-қысқы мәўсимине пуқта таярлықлар көриў мақсетинде филиалдың барлық қала ҳәм районлық бөлимлери, сондай-ақ, қурылыс монтаж басқарамасы менен биргеликте орынларда белгилеп алынған реже график тийкарында газ тармақларын мәўсимге таярлаў жумыслары алып барылды.
5672 жеке ҳәм 94 көтере тутыныўшылар жайласқан Тахтакөпир районында да 2025-2026 гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў мақсетинде капитал оңлаў қурылыс реконстуркция жумыслары жүргизилди.
– Соның ишинде, район аймағындағы Тахтакөпир, Ғәрезсизлик, Айдын жол, Дәўир, Атакөл, Ағытай Адилов ҳәм Мүлк аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы тутыныўшыларды тәбийғый газ бенен тәмийинлеп турған д-273 мм жер асты газ тармағы тозыўы жетип аймақ турғынларына гүз-қыс мәўсиминде тәбийғый газ басымы менен байланыслы машқалаларды пайда ететуғын еди, – дейди Тахтакөпир районлық газ тәмийнаты бөлими баслығы Әлийшер Андигенов. – Машқалаларды сапластырыў ҳәм халыққа үзликсиз тәбийғый газ жеткерип бериўди еле де жақсылаў ушын 4,1 км газ тармақларын реконструкциялаў жумыслары алып барылды. Жер астындағы газ тармақлары жер үстине шығарылып жаңадан д-219 мм газ тармақлары тартылды ҳәм нәтийжеде усы аймақтағы тутыныўшылардың газ тәмийнаты жақсыланыўына ерисилди.
Ҳәзирги күнлери бул бағдардағы жумыслар республикамыздың барлық аймақларында даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.