Мәжилисте Қәўипсизлик кеңесиниң ағзалары, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қурамына киретуғын министрликлер менен ведомстволардың басшылары, округлердиң сәркардалары ҳәм орынлардағы студиялардан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслықлары, ўәлаятлардың ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери, сондай-ақ, жергиликли ҳәкимият уйымларының жуўапкерлери қатнасты.
Мәжилис алдында елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бағдарында исленген жумыслар ҳәм олардың нәтийжелери және жол қойылған айырым кемшиликлер көрсетип өтилди.
Миллий армиямыз заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинленип атырғаны, әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый таярлығы сезилерли дәрежеде артқаны атап өтилди.
Жәҳән тәжирийбеси ҳәм таллаўлардан келип шығып, ишки ҳәм сыртқы қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша жаңа жаўынгерлик бөлимлер дүзилди, әскерлердиң қурамы оптималластырылды.
Армияны модернизациялаў ҳәм заманагөй қурал-жарақ пенен тәмийинлеўдиң жаңа системасы - қорғаныў санааты және де раўажландырылғаны, қосымша кәрханалар шөлкемлестирилгени атап өтилди. Қураллы Күшлеримиз тәрепинен 20 дан аслам мәмлекет пенен еки тәреплеме әскерий бирге ислесиў жолға қойылып, 400 ден аслам қоспа шынығыўларда жоқары көрсеткишлерге ерисилгени айтып өтилди.
Қураллы Күшлер қурамындағы әскерий жоқары оқыў орынларының инфраструктурасы толық модернизацияланды, оқыў бағдарламасы ҳәм методикасы бүгинги күнниң талапларына бейимлестирилди.
Әскерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық-ҳуқықый қорғаў да күшейди. Соның ишинде, 30 мыңға шамалас шаңарақ турақ жай менен тәмийинленди, өткен жыл даўамында 2 мыңнан аслам әскерий хызметкерлердиң перзентлерине жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын жеңилликлер берилди.
Ўатан қорғаўшыларына шараят жаратыўда әскерий-ҳәкимшилик секторлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер де қатнаспақта. Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, мектеплерде оларды шақырыўға шекемги басланғыш әскерий таярлаўға итибар күшейтилмекте.
Мәжилисте 2025-жыл ҳәм келеси жыллар ушын тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.
Миллий армиямызды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеўде заманагөй қураллы келиспеўшиликлер, қәўипсизлигимизге бар қәўип-қәтерлер ҳәм әскерий ҳәрекетлер театрының өзгешеликлерин есапқа алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ҳәзирги күнде түрли регионаллық келиспеўшиликлерде жасалма интеллект, робот, ракета, дрон ҳәм оларға қарсы қураллар кеңнен қолланылмақта. Соннан келип шығып, әскерлерде дронлар ҳәм оларға қарсы гүресиў, жасалма интеллект пенен ислейтуғын киберқурылмалар, роботластырылған техникаларды қолланыў ҳәм ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў бойынша жаңа бөлимшелер шөлкемлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик таярлығын тәмийинлеў, жаўынгерлик таярлық көрсеткишлерин буннан былай да жетилистириў, жасалма интеллектке тийкарланған әскерлерди автоматластырылған бирден-бир басқарыў системасын жаратыў, әскерий билимлендириў ҳәм әскерий кадрларды таярлаўда дуал билимлендириўден пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Армияның таянышы болған "Бас сержантлар корпусы" жумысын жетилистириў, қорғаныў санаатын буннан былай да раўажландырыў, әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм әскерий спорт тараўына бағдарлаў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.
Мәжилисте қорғаныў министри, әскерий округ сәркардалары ҳәм басқа да жуўапкерлердиң есабат ҳәм усыныслары тыңланды.