ХДП өзин парламенттеги оппозиция фракциясы деп жәриялады

    13 мамыр 2025 639

    Халық демократиялық партиясы электоратының даўысын парламент ҳәм ҳүкиметке жеткериў, олардың мәплерин нәтийжели қорғаў ҳәм мәмлекетте күшли социаллық сиясатты даўам еттириў мақсетинде өзин парламенттеги оппозиция фракциясы деп жәриялады.

    Жақында ғана еки партия - ӨзЛиДеП ҳәм "Миллий тикланиш" ДП фракциялары "Раўажланыў блоги"не бирлескен еди. Бүгин болса ХДП өзин парламенттеги оппозиция фракциясы деп жәриялады.

    Бул ҳаққында партияның Нызамшылық палатасындағы фракциясы мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, партия сол қанат сыпатында мәмлекетте социаллық әдиллик, теңлик ҳәм тилеклеслик принциплерине тийкарланған демократиялық социаллық мәмлекет қурыўды өз алдына тийкарғы ўазыйпа етип белгилеген.

    Халық демократиялық партиясы электоратының даўысын парламент ҳәм ҳүкиметке жеткериў, олардың мәплерин нәтийжели қорғаў ҳәм мәмлекетте күшли социаллық сиясатты даўам еттириў мақсетинде өзин парламенттеги оппозиция фракциясы деп жәриялады.

    ХДП оң партиялардың жақында дүзилген "Раўажланыў блоги"ниң тийкарғы ўазыйпалары, сондай-ақ, ҳүкимет бағдарламасы ҳәм жумысының айырым бағдарларына қосыла алмайтуғынын мәлим етти.

    Атап айтқанда:

    экономикада мәмлекеттиң қатнасыўы, стратегиялық әҳмийетке ийе компаниялар үстинен мәмлекетлик қадағалаўды сақлап қалыўға итибардың азлығы, оларды меншиклестириў нызам дәрежесинде қадаған етилмегенлиги;

    бәсекиге шыдамлы ҳәм базар механизмлери арқалы басқарылатуғын пенсия системасына өтиў зәрүрлигиниң бар екенлиги;

    коммунал төлемлери (газ, электр ҳәм басқалар) мәселесинде социаллық қорғаўға мүтәж халықты қоллап-қуўатлаўдың келешекке мөлшерленген анық стратегиясы ислеп шығылмағанлығы;

    үлеслик тийкарында турақ жай қурылысы бойынша пуқаралардың үлеслерин қорғаў ҳәм кепиллеў системасының елеге шекем жаратылмағанлығы;

    халықтың дәраматына қарап дифференцияласқан салық системасы енгизилмегенлиги (көп қаржы тапқан, көп төлеўи керек принципин қолланыў лазым), соның ишинде, қымбат баҳалы мүлк ушын салықтың енгизилмегенлиги;

    фармацевтика тараўында мәмлекетлик қадағалаўдың төменлиги, жергиликли ҳәм сырт ел дәри-дәрмақлары ушын ең жоқары шекленген баҳалардың белгиленбегенлиги, соның ишинде, дәри-дәрмақлардың рекламасы қадаған етилмегенлиги сыяқлы бир қатар мәселелер партия электоратының мәплерине қарсы деп есаплайды.

    Парламенттеги оппозиция фракциясы сыпатында төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыўды әҳмийетли деп есаплайды:

    нызам жойбарлары ҳәм парламент додалаўындағы әҳмийетли мәселелер бойынша өз сайлаўалды бағдарламамыз мақсетлеринен келип шыққан ҳалда қатаң сиясий позициямызды билдирип барыў;

    ҳүкимет ҳәм парламенттеги көпшиликтиң усыныс ҳәм басламаларын сын көзқарастан көрип шығыў, олар бойынша өз мүнәсибетлеримизди билдирип барыў;

    ҳүкимет ҳәм парламенттеги көпшилик тәрепинен парламентке киргизилген нызам жойбарлары бойынша зәрүр деп табылған ҳалда альтернатив нызам жойбарларын ислеп шығыў ҳәм киргизип барыў;

    экономикалық ҳәм социаллық мәселелер бойынша ҳүкимет ҳәрекет бағдарламасының орынланыўын сын көзқарастан баҳалаў ҳәм өз көзқарасымызды билдириў;

    парламентлик қадағалаў қуралларынан нәтийжели пайдаланыў, соның ишинде қабыл етилген нызамлардың ҳүкимет тәрепинен сөзсиз орынланыўы, нызам жойбарларының парламентке өз ўақтында ҳәм сапалы киргизилиўи, нызамлардың орынланыўы ушын зәрүр болған нызам асты ҳүжжетлериниң өз ўақтында қабыл етилиўин тәмийинлеў үстинен қадағалаў алып барыў.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates