Жойбар шеңберинде орбитаға аўырлығы 30 килограммға шекемги болған “12U CubeSat”
форматындағы 30 киши жасалма жолдас шығарылады. Олар космослық ҳаўа райын
бақлап барады ҳәм гамма-нурланыў жарылыўларын ең анық дизимге алыў имканиятын
береди.
Жойбар халықаралық бирге ислесиў ушын жол ашады. Тайланд, Сербия, Египет,
Сенегал, Индонезия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң илимий институтлары әллеқашан
жойбарда қатнаспақта, деп хабар берди Kazinform.
Шөлкемлестириўшилер қәнигелерди оқытыў ҳәм космослық изертлеў
жойбарларында халықаралық қатнасыў имканиятын беретуғын бирден-бир интерфейс
стандартларын ислеп шығыўды режелестирмекте.
Ай жанындағы
космос Жер орбитасынан басланады ҳәм планетамыздан шама менен 2 миллион
километр аралыққа созылады. Қытай бул стратегиялық районды келешекте Айға
миссиялар ҳәм изертлеў станцияларын жайластырыў ушын тийкарғы операциялық фронт
сыпатында көреди.