баннер
19 Apr 2025
02:49

    Хийўада Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси болды

    Усы жылдың 15-апрель күни Тәжикстан Республикасы Бас министри Қоҳир Расулзода басшылығындағы ҳүкимет делегациясы Хорезм ўәлаятына барды.

    Хийўа қаласында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Тәжикстан Республикасы Бас министри Қоҳир Расулзода басшылығында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси болып өтти.

    Мәжилисте соңғы жылларда Өзбекстан-Тәжикстан бирге ислесиўиниң жаңа басқышқа көтерилгени, мәмлекетлеримиз арасындағы аўқамласлық байланыслар әмелий жақтан беккемленип атырғаны, онда әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон арасындағы исенимли қатнасықлар және олардың сиясий ерк-ықрары үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

    Мәжилисте тийкарғы итибар саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт, энергетика, санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиў байланысларын буннан былай да кеңейтиўге қаратылған перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға қаратылды.

    Атап өтилгениндей, өз-ара товар алмасыў көлеми соңғы бес жылда еки есеге өсти. Қоспа кәрханалардың саны үш жүзден асты. Бул көрсеткиш турақлы түрде өсип бармақта. Соның менен бирге, товар айланысы көрсеткиши мәмлекетлердиң потенциалына толық сәйкес келмейди ҳәм еле пайдаланылмаған барлық имканиятлар бар.

    Буннан тысқары, Мәмлекетлеримиз басшылары ҳүкиметлерге

    2030-жылға шекем өз-ара саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылған.

    Мәжилисте буның ушын санаат кооперациясын және де тереңлестириў, транспорт ҳәм коммуникация тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыў, суў ресурслары ҳәм эенергетика тараўында өз-ара пайдалы нәтийжели бирге ислесиўди даўам еттириў, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды избе-из даўам еттириў, мәмлекетлеримиз аймақлары арасындағы бирге ислесиўди жедел раўажландырыўға айрықша итибар қаратыў керек екенлиги билдирилди.

    Жуўмағында Өзбекстан Республикасы ҳәм Тәжикстан Республикасы арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның он екинши мәжилисиниң протоколына қол қойылды.

    Сондай-ақ, еки мәмлекет Бас министрлери биргеликте Хийўадағы Ишан қалаға барды. "Ашық аспан астындағы музей" деп тән алынатуғын бул Орайлық Азияда сақланып қалған бирден-бир пүтин қала Тәжикстан делегациясында үлкен тәсир қалдырды.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech