Сөйлесиў ўақтында тәреплер мегаполислерди раўажландырыў мәселелерин додалады, қала инфраструктурасын модернизациялаў бойынша тәжирийбе алмасты, Ташкент ҳәм Нью-Йорк қалалары арасындағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын көрип шықты.
Ташкент қаласы ҳәкими "Қаланы 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы"ның тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, ири қала қурылысы ҳәм инвестициялық жойбарлар - "Жаңа Ташкент", "Жаңа әўлад" санаат зонасын шөлкемлестириў, жаңа жәмийетлик орынларды қурыў бойынша презентациялар өткерди.
Транспорт системасы, логистика ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўларындағы реформалар, сондай-ақ, Marriott, Wendy’s, Pepsi (США), DP World (ОАЭ), VEOLIA (Франция) ҳәм басқа да халықаралық компаниялар менен биргеликтеги жойбарлар додаланды.
Нью-Йорк қаласының мэри Ташкент қаласындағы өзгерислердиң пәтин жоқары баҳалап, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған өзгерислердиң көлемине ҳәўес етти. Пайтахтымыздың раўажланыўы халықаралық байланысларды беккемлеў ушын жаңа имканиятлар ашатуғынын атап өтти.
Эрик Адамс бирге ислесиўди және де тереңлестириўге таяр екенин, сапар етиў Ташкент қаласындағы жойбарлар менен толық танысыў имканиятын беретуғынын атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер қалаларды комплексли раўажландырыў, мәденият, инновациялар ҳәм экономика тараўларында узақ мүддетли бирге ислесиўге тийкар болатуғын Ташкент ҳәм Нью-Йорк қалалары арасында шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисимди таярлаўға кирисиўге келисип алды.








