Кейинги тоғыз жылда ўәлаятқа 7,5 миллиард доллар инвестиция тартылып, 9 мың 700 жаңа қуўатлық иске қосылған. Киши ҳәм орта бизнес жойбарларына 33 триллион сумнан аслам кредитлер қаратылды.
Нәтийжеде халықтың реал дәраматлары 2 есеге артты. Санаат ҳәм қурылыста бәнт болғанлардың үлеси 18 процентке, хызмет көрсетиў тараўында 55 процентке жеткен. Кәмбағаллық дәрежеси 4,4 процентке түсип, жумыссызлық еки есеге азайды ҳәм 4,5 процентти қурамақта. 72 мәҳәлле жумыссызлықтан ҳәм кәмбағаллықтан қутылды.
Ўәлаяттың транспорт ҳәм туризм инфраструктурасы избе-из жаңаланбақта. Кейинги тоғыз жылда 280 мийманхана ҳәм мийман үйлери қурылды, мийманхана фонды 4 есеге көбейди, 11 жаңа туризм объекти иске қосылды. Кейинги бес жылда сырт елли туристлердиң саны 10 есеге артты.
Хийўа қаласындағы “Farovon Khiva Hotel” мийманханасында Президентимиздиң қатнасыўында Хорезм ўәлаятында жаңа жойбарларды иске қосыў ҳәм перспективалы объектлердиң қурылысын баслаў мәресими болды.
- Биз Жаңа Өзбекстанда реформалардың дәслепки күнлеринен баслап жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм заманагөй өндирис қуўатлықларын иске қосыўды тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгиледик. Усы мақсетте Хорезм ўәлаяты бойынша айрықша бағдарлама ҳәм қарарларды тастыйықлап, қаржыландырыў дәреклери ҳәм жуўапкерлерди анық белгилеп алдық ҳәм жумысларды шөлкемлестирдик,-деди мәмлекетимиз басшысы.
2016-жылы Хорезм ўәлаятына тек ғана 30 миллион доллар сырт ел инвестициясы тартылған болса, 2026-жылы бул көрсеткиш 2 миллиард доллардан артады.
Жыл басынан берли Үргенш ҳәм Хийўа қалалары, Топыраққала ҳәм Үргенш районларында химия санааты, машина қурылысы, қурылыс материаллары ҳәм туризм тараўларында жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылды. Санаат ушын 195 гектар жердиң категориясын өзгертиў, электр энергиясы ҳәм жол инфраструктурасын жақсылаўға 100 миллиард сум ажыратыў мәселелери шешилди.
Буннан тысқары, Ғәрезсизлик байрамы алдынан Үргенш халықаралық аэропортынан Хийўаға шекем электрлестирилген темир жол жөнелиси пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, "Үргенш-Хийўа" төлемли автомобиль жолы иске қосылмақта. Ол мәмлекетимиздеги биринши пуллы автомобиль жолы болады. Оның нәтийжесинде Үргенштен Хийўаға жетип барыў ўақты 45 минуттан 20 минутқа қысқарады.
- Бул жумыслардың даўамы сыпатында бүгин сизлер менен биргеликте баҳасы 176 миллион долларлық 12 жойбарды иске қосамыз. Сондай-ақ, сырт елли бирге ислесиўшилердиң қатнасыўында қурылатуғын баҳасы 7 миллиард 424 миллион долларлық 15 жаңа объекттиң қурылысын баслаймыз,-деди Президент.
Атап айтқанда, Топыраққала районында Бирлескен Араб Әмирликлеринен келген шериклер менен биргеликте улыўма баҳасы 6 миллиард долларлық экологиялық әҳмийетке ийе авиация жанылғысы ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылады. Жойбарға Қытайдың “Sinopec” компаниясы тартылып, жер майданын таярлаў ҳәм жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў жумыслары басланған.
Словакиялы шериклер менен биргеликте 5 мың гектар қумлы жерди өзлестириў, биоэтанол ислеп шығарыў бойынша 170 миллион долларлық кәрхана шөлкемлестириў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта 1,5 мың гектар майданда әмелий жумыслар баслап жиберилген.
Япониялы бирге ислесиўшилер менен биргеликте Үргенш қаласында баҳасы 30 миллион доллар болған 250 орынлық мийманхана ҳәм саўда-кеўилашар комплекс қурылмақта. Жойбарды толық иске қосыў 2027-жылға мөлшерленген.
Саудия Арабстанындағы бирге ислесиўши менен ўәлаят орайында заманагөй қазанхана қурылып, 183 көп қабатлы турақ жай ҳәм 37 социаллық объект ыссылық ҳәм электр энергиясы менен тәмийинленеди. Түркиялы шериклер менен биргеликте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында офтальмология клиникасы шөлкемлестириледи.
Үргенш районында кореялы инвесторлардың қатнасыўында республикамызда биринши мәрте шығындыларды "жабық айланыс" принципи тийкарында қайта ислеў ҳәм 71 мегаваттлы "жасыл" энергия ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылады. Жойбарға 100 миллион доллар инвестиция киргизиледи.
Сондай-ақ, Хийўа қаласына тутас 26 гектар майданда 120 миллион долларлық "Саҳра жулдызы" заманагөй туристлик комплекси шөлкемлестириледи. Үргенш районында 26 миллион долларлық мыс санааты кластери ҳәм 60 миллион долларлық оптикалық талшықлы кабель ислеп шығарыў кәрханасы қурылады.
Ал-Хорезмий қалашасында 5 мың студентке мөлшерленген заманагөй университет, мийманхана, дем алыў ҳәм саўда комплекслери қурылады. Үргенш қаласында "Инвесторлар үйи" имараты қурылады.
Улыўма, бул жойбарлар нәтийжесинде 6 мың 600 жаңа жумыс орны жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарларды әмелге асырыўда қатнасып атырған сырт елли шериклер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллерине миннетдаршылық билдирди.
Президент рәмзий түймени басып, жаңа жойбарларды иске қосып, қурылыс жумысларына старт берди. Инвесторлар ҳәм ўәлаят белсендилери менен қызғын сәўбет болды.