Хорезм ўәлаятында жаңа қуяш электр станциясы иске қосылады

    23 желтоқсан 2024 169

    Жәҳән банки Өзбекстан ушын банк кепиллиги түриндеги 3,5 миллион доллар қаржыландырыўды мақуллады. Қуяш электр станциясын 2025-жыл ноябрь айында иске қосыў режелестирилген.

    Хорезм ўәлаятында жаңа қуяш электр станциясы иске қосылады. Бул ҳаққында Жәҳән банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасы мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, Жәҳән банки Өзбекстан ушын банк кепиллиги түриндеги 3,5 миллион долларлық қаржыландырыўды мақуллады.

    Бул кепиллик "Өзбекстан миллий электр тармақлары" АЖ мәмлекетлик компаниясының қуўатлылығы 100 МВт болған жаңа қуяш электр станциясында ислеп шығарылатуғын электр энергиясын сатып алыў бойынша төлем миннетлемелериниң өз ўақтында орынланыўын тәмийинлейди.

    Хорезм ўәлаятындағы бул объекттиң қурылысы ҳәм эксплуатациясы менен Францияның "Вольталиа" компаниясы шуғылланады.

    Қуяш электр станциясын 2025-жыл ноябрь айында иске қосыў режелестирилген. Ол 177 гектар майданда жайласқан болып, жылына 240 гигаватт-сааттан аслам қайта тикленетуғын энергия ислеп шығарады.

    Оның жумысы жылына 230 мың тоннадан аслам карбонат ангидрид шығындыларын азайтыў ҳәм 60 мыңға шамалас үй хожалықларын таза энергия менен тәмийинлеў имканиятын беретуғыны күтилмекте.

    Жойбар мәмлекеттиң таза энергия ислеп шығарыўды көбейтиў ҳәм "жасыл" экономикаға өтиў бағдарындағы ҳәрекетлерине салмақлы үлес қосады.