Президент Шавкат Мирзиёев мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде ўәлаяттың уллы өтмиши ҳәм бүгинги туризм потенциалы ҳаққында айтты.
- Хорезм дүнья цивилизациясы ҳәм мәдениятына бийбаҳа үлес қосқан Шығыс гәўҳары болып есапланады. Бул әййемги журт дүньяға даңқы шыққан қаншадан-қанша илимпазлар, сәркарда ҳәм султанлар, әзиз әўлийелер, бийтәкирар шайыр ҳәм жыршылардың ўатаны, - деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.
Бул жердеги саўлатлы тарийхый естеликлер бийбаҳа байлық екени атап өтилди. Ашық аспан астындағы қала-музей - "Ичан қалъа" комплекси улыўмаинсаныйлық ғәзийнеси сыпатында ЮНЕСКО дизимине киргизилген. Ўәлаятта 260 тан аслам мәдений мийрас объекти бар. Олар өзиниң бийбаҳа ҳәм гөззал архитектуралық келбети менен тек ғана Өзбекстанның емес, ал пүткил Орайлық Азияның дүнья раўажланыўындағы бийтәкирар орнын белгилеп беретуғын жанлы тарийх болып есапланады.
Бүгинги күнде усыған тийкарланып, туризмди раўажландырыўға айрықша стратегиялық бағдар сыпатында итибар қаратылмақта. Тарийхый естеликлер, мәдений мийрас объектлери қәстерлеп-сақланып, глобал туризм тармағына жедел тартылмақта.
Соның менен бирге, өзинде тарийх ҳәм заманагөйликти жәмлеген ири туристлик комплекслер де қурылмақта. "Арда Хийўа" усындай үлкен режелердиң және бир әмелий нәтийжеси болып есапланады. Бул саўлатлы халықаралық туристлик орайда 17 мийманхана ҳәм мийман үйлери, 9 ресторан, ашық ҳәм жабық аквапарклер, 3 мың орынлық амфитеатр, 5 кино ҳәм концерт залы, көргизбелер павильоны, 70 дүкан, 300 саўда орны, 11 өнерментлер үйи, Шығыс базары ҳәм зергерлик орайы, фонтанлар, жағалық бойы жолы бар.
Бундай жумыслардың есабынан ўәлаятқа туристлердиң ағымы қосымша түрде 1 миллионға артады, хызметлер 1,2 триллион сумға көбейеди, кеминде 2 мың жумыс орны жаратылады.
- "Арда Хийўа" Хорезмде туризмниң раўажланыўында жаңа бет ашатуғынына, ўәлаяттың екинши "мирәт қағазы"на айланатуғынына исенемен. Бул бийтәкирар орын Хорезмге, пүткил халқымызға мүбәрек болсын, - деди Президентимиз.
Және бир жаңалық - енди Хийўа районынан 2 мың 400 гектар жер Хийўа қаласына өткерилип, ол жерде "Саҳра жулдызы" туристлик комплекси қурылады. Онда мийманханалар, кеўилашар орайлар, гастрономиялық ҳәм саўда көшелери, музейлер, эко үйлер, жазғы лагерь, экстремал туризм орынлары болады.
Сондай-ақ, Топыраққалада шөл аймағындағы 5 мың гектар жерде сапары ҳәм аң туризми раўажландырылады. Үргенш қаласы, Шават, Қўшкөпир, Хийўа ҳәм Хазарасптан ағып өтетуғын Ғазавот, Палўан, Шават каналларының бойларында 50 миллион долларлық 80 хызмет көрсетиў, саўда-кеўилашар объектлер иске қосылады. Бағат, Гүрлен, Янгибазар ҳәм Үргенш районында туризм аўыллары шөлкемлестириледи.
Мамун академиясы имараты алдындағы 2 гектар бағ "Уллы ойшыллар" атамасындағы ашық аспан астындағы "смарт" музейге айландырылады. Усы тийкарда Хорезм жеринде камалға келген онлаған ата-бабаларымыздың ибратлы өмир жолы, бай дөретиўшилик мийрасы интерактив усылда бир неше шет тиллерде туристлерге усынылады.
Мәмлекетимиз басшысы Әмиўдәрьяның еки жағасында жайласқан Хорезм ҳәм Қарақалпақстан елин Алла тааланың өзи тәғдирлес етип жаратқанын атап өтти. Сонлықтан Хорезмде туризмди раўажландырыў Қарақалпақстан менен үнлес ҳалда, бирден-бир концепция тийкарында әмелге асырылады. Буның ушын "Хорезм - Қарақалпақстан" туризм айланбасы жойбары ислеп шығылады. "Үргенш - Гүрлен - Маңғыт" автомобиль жолы толық реконструкцияланады.
Соңғы жыллары Хийўа қаласына темир жол тартылып, жаңа вокзал қурылды, "Бухара - Үргенш - Хийўа" темир жолы толық электрлестирилди. 2026-жылы бул жөнелис бойлап Жалаладдин Мангуберди аты менен аталатуғын заманагөй тезжүрер поездлар қатнаўы жолға қойылады. Жақын келешекте бул тезжүрер поездлар Нөкиске шекем барады.
Президентимиз мәресимде қатнасып атырған сырт елли мийманларды да қутлықлап, бирге ислесиўши еллерге ҳүрмет ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.
- Бүгин дүньядағы қыйын жағдайға қарамастан, Өзбекстан өз жолынан исенимли бармақта. Халқымыз тынышлық ҳәм абаданлық, дослық ҳәм бирге ислесиў, дөретиўшилик руўхы менен жасамақта. Бизиң ҳәр бир мақсет-режемиз, ҳәр бир реформаларымыз адамларымыздың турмысын жақсылаўға, оларды разы етиўге қаратылған ҳәм бул ислеримиз, иншаалла, даўамлы болсын. Сиз, әзизлер менен пидәкерлик пенен мийнет етип, Хорезм ҳәм Қарақалпақстанды дүньядағы ең гөззал ҳәм абат, илим ҳәм инновациялар, мәденият ҳәм көркем өнер және де раўажланған жерге айландыратуғынымызға исенемен, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мәресим үлкен концерт тамашасы менен жуўмақланды.