Тәбияттың ояныўы, жаңа өмир айланысының басланыўы, инсаныйлық, мийрим-шәпәәт, өз-ара ҳүрмет, миймандослық, мийнет сүйгишлик ҳәм туўылған жерди қәстерлеп сақлаў сыяқлы әзелий идеялардың тымсалы болған әййемги Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына шын жүректен қутлықлаўлар, елимиздиң көп миллетли халқына тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилген қутлықлаўлар келмекте.

Сырт еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили сырт ел сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлериниң қутлықлаўларында елимизде Жаңа Өзбекстанды қурыў, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар жоқары баҳаланбақта.

Ашық, тынышлық сүйер ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат, сондай-ақ, регионаллық бирге ислесиў, жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге қаратылған басламаларды жедел алға қойыў себепли мәмлекетимиздиң халықаралық абырайы избе-из артып атырғаны айрықша атап өтилди.

Уллы мәртебели мырзаға

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти


Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Өмирдиң бәҳәрги ояныўы - Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Россия - Өзбекстан қатнасықлары жоқары дәрежеде. Орайлық Азия регионында қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў жолында дос халықларымыздың абаданлығы жолында еки тәреплеме стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да ҳәр тәреплеме раўажландыратуғынымызға исенемен.

Усы қутлы байрам күнинде Сизге беккем денсаўлық ҳәм табыслар, барлық ўатанласларыңызға бахыт-ығбал ҳәм раўажланыў тилеймен.

ҳүрмет пенен

Владимир Путин,

Россия Федерациясы Президенти

* * *

Уллы мәртебели мырзаға

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президент


Ҳүрметли Президент Мырза!

Ай календары бойынша Қытай Жаңа жылы мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўыңыз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз. Өзбекстанның дәстүрий Наўрыз байрамы қарсаңында Қытай ҳүкимети ҳәм халқы атынан Сизди, ҳүкиметиңиз ҳәм халқыңызды байрам менен қутлықлайман.

Қытай - Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратаман. Өткен жылы Сиз бенен еки мәрте ушырасып, ҳәр қыйлы тараўлардағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерискенимиз Қытай-Өзбекстан ҳәр қыйлы шараятлардағы кең көлемли стратегиялық шерикликти жаңа дәўирге, раўажланыўдың жаңа басқышына алып шықты. Сиз бенен биргеликте ҳәрекет етиўге, стратегиялық өз-ара исеним ҳәм дәстүрий дослықты турақлы беккемлеўге, улыўма тәғдирге ие Қытай-Өзбекстан бирге ислесиўин қурыўды және де терең ҳәм әмелий басқышқа көтериў ушын ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўге таярман.

Сизге беккем денсаўлық, жумысыңызда табыслар тилеймен.

Си Цзиньпин,

Қытай Халық Республикасының Баслығы

* * *

Уллы мәртебели мырзаға

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ассаламу алайкум, Аллаҳтың мәрҳаматы ҳәм берекети.

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға қызғын қутлықлаўларымыз ҳәм жақсы тилеклеримизди жоллаўдан қуўанышлымыз.

Сизге беккем денсаўлық, туўысқан Өзбекстан Республикасы ҳүкимети ҳәм халқына узақ мүддетли раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймен.

Сиз, Уллы мәртебели мырзаға шын жүректен билдирилген тилеклеримди ҳәм жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд,

Саудия Арабстаны Патшасы.


* * *


Уллы мәртебели мырзаға

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ассаламу алайкум, Аллаҳтың мәрҳаматы ҳәм берекети.

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға қызғын қутлықлаўларымды ҳәм жақсы тилеклеримди жоллаўдан қуўанышлыман.

Сиз, Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық ҳәм абаданлық, туўысқан Өзбекстан Республикасы ҳүкимети ҳәм халқына болса турақлы раўажланыў тилеймен.

Сиз, Уллы мәртебели мырзаға өзимниң қызғын тилеклеримди ҳәм жоқары ҳүрметимди билдиремен.

Муҳаммад бин Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд,

Саудия Арабстаны Мийрасхоры, Министрлер Кабинетиниң Баслығы


* * *


Уллы мәртебели мырзаға

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Президенти


Қәдирли Бирадар,

Ҳәр жылы тәбияттың жаңаланыўы белгиси болған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы мәртебели мырзаға ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына өзимниң атымнан, халқым атынан ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Әсирлердиң басына барып тақалатуғын әййемги дәстүримиз Наўрыз инсаниятқа үмит ҳәм қут-берекет ҳаққындағы жақсы хабарды жеткереди. Улыўма мәдений мәканымызда белгиленетуғын бул байрамда дослық ҳәм туўысқанлық байланысларымыз және де беккемлениўин тилеймен.

Бизиң ең жақсы арзыў-нийетимиз - Наўрыз ҳәзирги ўақытта биз ушын оғада зәрүр болған тынышлық, татыўлық ҳәм бирге ислесиўге болған үмитлеримизди қайта тиклесин.

Усы қутлы әййямда Сиз, Уллы мәртебели мырзаға ҳәм шаңарағыңызға беккем денсаўлық ҳәм бахыт, туўысқан Өзбекстан халқына тыныш ҳәм абадан келешек тилеймен.


Режеп Тайип Эрдоған,

Түркия Республикасы Президенти

* * *


Уллы мәртебели мырзаға

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти


Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сизге ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына қызғын қутлықлаўларымды ҳәм жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз.

Жаңаланыў, дөретиўшилик ҳәм абаданлықтың тымсалы болған бул муқаддес байрам жоқары қәдириятларға умтылған пүткил инсаният турмысында айрықша орын ийелейди. Жақты бәҳәр байрамы Наўрыз туўысқан халықларымызға жыллылық бағышлап, қут-берекет, қуўаныш ҳәм абаданлық алып келсин.

Биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиз бенен беккем дослық ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған Қазақстан - Өзбекстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары халықларымыздың абаданлығы жолында буннан былай да жедел раўажланып баратуғынына исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли Шавкат Миромонович, Өзбекстанның және де раўажланыўы жолындағы жумысыңызда табыслар, халқыңызға абаданлық ҳәм қут-берекет тилеймен.

Халқымыз абадан, ырысқы-несийбемиз мол болсын!

Ең жақсы тилеклер менен

Қасым-Жомарт Тоқаев,

Қазақстан Республикасының Президенти

* * *

Уллы мәртебели мырзаға

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Президенти


Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Қырғызстан халқы ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди Наўрыз байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Мәдениятымыздың байлығы, ең жақсы дәстүрлеримизди өзинде сәўлелендирген бул бәҳәр байрамы халықларымыз арасындағы дослықты беккемлеп, жақсылық ҳәм абаданлық алып келеберсин.

Қырғызстан ҳәм Өзбекстан арасындағы стратегиялық шериклик халықларымыздың абаданлығы жолында буннан былай да табыслы раўажланатуғынына беккем исенемен.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге беккем денсаўлық, узақ өмир, абаданлық, мәмлекетлик жумысыңызда табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-парахачылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен!

ҳүрмет пенен


Садир Жапаров,

Қырғызстан Республикасы Президенти


* * *

Уллы мәртебели мырзаға

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Президенти


Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди ҳәм туўысқан Өзбекстан халқын бәҳәр ҳәм тәбияттың қайта тиклениўинен дәрек беретуғын Халықаралық Наўрыз күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Миллий-мәдений ҳәм тарийхый тамырлары терең болған бул қутлы әййямды Наўрыз мәденияты аймағындағы халықлар үлкен қуўаныш ҳәм руўхланыў, жарқын келешекке болған жаңа үмитлер менен белгилемекте. Оның жоқары қәдириятлары ҳәм бай идеялары мың жыллар даўамында халықларымызды тынышлық ҳәм татыўлыққа, өз-ара түсинисиўге, бир-бирине ҳүрмет ҳәм исенимге шақырып келеди.

Тәжикстан менен Өзбекстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары усы әййемги байрамдағы ең жақсы дәстүрлер руўхында буннан былай да раўажланып, беккемленип, халықларымыздың абаданлығы жолында жаңа әмелий мазмун менен байып баратуғынына исенемен.

Усы қуўанышлы байрам күнлеринде Сизге беккем денсаўлық ҳәм жоқары мәмлекечилик жумысыңызда табыслар, елиңиздиң дос халқына болса бахыт-ығбал, тынышлық-татыўлық, турақлылық, және де раўажланыў тилеймен.

Наўрыз мүбәрек болсын!

ҳүрмет пенен

Эмомали Раҳмон,

Тәжикстан Республикасы Президенти


* * *


Уллы мәртебели мырзаға

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Президенти


Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Халықаралық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сизге ҳәм Сиз арқалы пүткил Өзбекстан Республикасы халқына қызғын қутлықлаўларымды ҳәм жақсы тилеклеримди жоллайман.

Тынышлық, жақсы қоңсышылық, аўызбиршилик ҳәм тәбият пенен үнлес жасаўдың тымсалы болған Наўрыз байрамы жаңа күн, жаңа басламаның жаршысы болып есапланады. Пүткил инсанияттың бай мәдений мийрасының ажыралмас бөлеги сыпатында тән алынатуғын, өзинде жоқары адамгершилик идеяларын жәмлеген бул қутлы әййям халықлар арасында дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе.

Бул әжайып байрам Сиз ҳәм мәмлекетиңиз халқы ушын бахыт, қуўаныш ҳәм жаңа табыслар менен белгиленетуғын болсын!

Терең ҳүрмет пенен,

Сердар Бердимуҳамедов,

Түркменстан Президенти


* * *


Уллы мәртебели мырзаға

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Президенти


Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Халықаралық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сизлерге қызғын қутлықлаўларым ҳәм жақсы тилеклеримди жоллайман.

Наўрыз - өмирге муҳаббат ҳәм жақсы келешекке исеним беккемлениўиниң тымсалы. Бул байрам көп әсирлер даўамында халықлар арасында дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етип келмекте.

Бул қутлы әййям Сиз ҳәм пүткил халқыңыз ушын тынышлық, қуўаныш ҳәм жаңа басламалар менен белгиленетуғын байрам болсын. Сизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, жуўапкершиликли мәмлекетлик жумысыңызда табыслар тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Гурбангули Бердимухамедов,

Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы

* * *


Уллы мәртебели мырзаға

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!


Қәдирли Бирадар!


Уллы ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сизди ҳәм туўысқан Өзбекстан халқын жеке өзимниң атымнан ҳәм Әзербайжан халқының атынан қызғын қутлықлаўымнан қуўанышлыман.

Бәҳәрдиң келгенинен дәрек беретуғын, тәбиятқа муҳаббат, руўхый пәклик ҳәм жаңаланыўдың салтанаты болған бул миллий байрам туўысқан халықларымызға абаданлық, бахыт ҳәм мол қут-берекет алып келиўин тилеймен.

Дослық ҳәм туўысқанлықтың әжайып үлгиси болған Әзербайжан - Өзбекстан қатнасықлары күн сайын раўажланып, аўқамымыз беккемленип атырғанынан оғада қуўанышлымыз. Шығысымыз, тарийхымыз ҳәм мәдениятымыз уқсас болған туўысқан Өзбекстан менен ҳәр тәреплеме қатнасықларымызды мәмлекетлеримиздиң мәплери ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында буннан былай да тереңлестириў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлеримизди даўам еттиремиз, деп исенемен.

Усы байрам күнлеринде Сизге ҳәм шаңарағыңызға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан Республикасы ҳәм оның халқының абаданлығы жолындағы жумысларыңызда жаңа табыслар тилеймен.

ҳүрмет пенен

Илҳам Алиев,

Әзербайжан Республикасы Президенти



* * *

Уллы мәртебели мырзаға

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Президенти


Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Инсанлардың кеўиллерине жыллылық, қуўаныш, шадлық ҳәм айдын келешекке үмит бағышлайтуғын Наўрыз байрамы менен Сизди шын жүректен қутлықлайман.

Бул байрамда белгилеп берилген өз-ара ҳүрмет ҳәм коньструктивлик бирге ислесиў идеяларына қосылған Беларус Өзбекстан менен дослық ҳәм шериклик қатнасықларын избе-из беккемлеп келмекте. Мәмлекетлераралық сөйлесиў ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў буннан былай да пуқараларымыздың мәплерине ҳәм Евроазияда турақлылықты сақлаўға хызмет ететуғынына исенемен.

Усы байрам күнинде Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, талмас күш-ғайрат ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда табыслар, дос Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм аўызбиршилик тилеймен.

ҳүрмет пенен

Александр Лукашенко,

Беларусь Республикасы Президенти


* * *


Уллы мәртебели мырзаға

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Өзбекстан Республикасы Президенти



Уллы мәртебели мырза!

Пакистан халқы ҳәм ҳүкимети, сондай-ақ, жеке өзимниң атымнан Сиз, Уллы мәртебели мырзаға, жақынларыңыз ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына Наўрыз ҳәм Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Наўрыз ҳәм Рамазан ҳайытлары улыўма инсаныйлық қәдириятлар - тынышлық, ғамхорлық ҳәм итибар, аўызбиршилик ҳәм шүкиршиликти өзинде жәмлеген. Бул қуўанышлы ўақыялар бизге халықлар арасындағы татыўлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм бирге ислесиўге болған улыўма умтылысты жаңалаў имканиятын бермекте.

Сиз, Уллы мәртебели Мырзаның усы жыл февраль айында Пакистанға әмелге асырған тарийхый сапарыңызды қанаатланыўшылық пенен еслеймен ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да беккемлеў ушын жоқары дәрежедеги алмасыўларымыздың даўам етиўин күтип қаламан.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, туўысқан Өзбекстан халқына болса турақлы тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймен.

Уллы мәртебели мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл етиң.

Шаҳбаз Шариф,

Пакистан Ислам Республикасы Бас министри

Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев,

Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, ишки ислер министри Шайх Сайф бин Зоид Ол Наҳаян;

Палестина Мәмлекети Президенти Маҳмуд Аббос,

Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Минниханов,

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Нурлан Ермекбаев,

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев,

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер Парламентлераралық ассамблеясының бас хаткери Дмитрий Кобицкий,

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Регионаллық антитеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Уларбек Шаршеев,

Ташкент ҳәм Өзбекстан митрополити, Рус православ ширкеўи Орта Азия митрополитлик округи баслығы Викентий.

Қутлықлаўлар келиўи даўам етпекте.