"Жаңа әўлад" арнаўлы санаат зонасы аймағында шөлкемлестирилген бул кәрхана “Korzinka” дүканлар тармағы ушын өнимлерди сақлаў, сайлап алыў ҳәм қадақлаў хызметлерин көрсетеди.
Кәрхана 10 гектар майданда жайласқан болып, 49 мың квадрат метр аймаққа қоймахана жайластырылған. Қурылыс материаллары ҳәм музлатқыш камералары ушын үскенелер Қытай, Түркия, Беларусь ҳәм Россия мәмлекетлеринен алып келинген, барлығы “EDGE Advanced” халықаралық сертификатына ийе.
Бул жойбар Орайлық Азиядағы "А" класына киретуғын ең ири бөлистириў орайы есапланады. Бир ўақыттың өзинде 145 дәрўазада тегислеўши үскенелер жүкти жүклеў ҳәм түсириў имканиятына ийе.
Орайда 4 түрли температуралы аймақ бар. Сонлықтан, өнимлер түрине қарап музлатқышта, төмен температуралы суўытыў камераларында ҳәм қурғақ жерде сақланады.
Сондай-ақ, орайда күни-түни ислейтуғын 96 сынаў усылына ийе арнаўлы лаборатория қурылады. 1 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Танысыў жуўмағында болып өткен жәмийетшилик ўәкиллери менен сөйлесиўде ақылға уғрас экономикалық сиясат ҳәм инвесторлардың оған исеними ҳаққында сөз болды.
- Кейинги сегиз жылда 130 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы кирип келди, бул қаншадан-қанша завод ҳәм кәрханаларға айланды. Бүгин де және бир үлкен жойбар - жаңа халықаралық аэропорттың қурылысын басладық. Оған Саудия Арабстаны, Япония, Корея инвестиция киргизбекте. Бул өз-өзинен болмайды. Бул - мәмлекетимиз келешегине болған үлкен исеним белгиси, - деп атап өтти Президентимиз.












