Мәресимде шығып сөйлеген мәмлекетимиз басшысы барлық ҳаял-қызларды қызғын қутлықлады.

- Ҳаял-қызларсыз, олардың әжайып пазыйлетлерисиз жәмийетлик раўажланыўды, турмыстың өзин көз алдымызға келтирип болмайды.

Үшинши Ренессанс дөретиўшилериниң 22 миллионлы жас әўладын ана меҳири менен тәрбиялап камалға келтирген уллы күш сизлерде, деп билемиз.

Сизлер ким болсаңыз да - исбилермен ҳәм илимпазлар, муғаллимлер, шыпакерлер ҳәм инженерлер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, бәринен бурын, шаңарақтың периштеси, шаңарақтың, пүткил жәмийетимиздиң таянышысыз, - деп атап өтти Президент.

Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, жәмийетлик турмыстағы ролин арттырыў бойынша пүткиллей жаңа система жаратылғаны атап өтилди. Қабыл етилип атырған нызам ҳәм қарарларда гендер теңлик мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Буннан былай бирде-бир нызам оның ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерине тәсири баҳаланбай турып қабыл етилмейди.

Бул сиясат нәтийжесинде белсенди исбилермен ҳаял-қызлар класы қәлиплесип, олардың саны бүгинги күнде дерлик 230 мыңға жетти. Аўыл хожалығы тараўында 12 мыңнан аслам фермер ҳаял-қызлар, 6 мыңнан аслам илимпаз ҳаял-қызлар белсене мийнет етпекте.

Қызларымыз халықаралық спорт жарысларында Ўатанымыздың абырайын мүнәсип қорғамақта. Атап айтқанда, өткен жылы жәҳән спорт майданларында 167 алтын, 193 гүмис ҳәм 243 бронза медалын қолға киргизген.

Ҳаял-қызларымыз турмысындағы бундай унамлы өзгерислер дүнья жәмийетшилиги тәрепинен де тән алынбақта. Атап айтқанда, Парламентлераралық аўқамның "Парламенттеги ҳаял-қызлар" рейтингинде Өзбекстан 36-орынды ийелеп, 92 текшеге, Гендер теңлик ҳәм басқарыў индексинде 103-орыннан 52-орынға, Жәҳән банкиниң "Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам" есабатында болса 43 текшеге жақсыланып, 48-орынға көтерилди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр қыйлы тараўларда мийнет етип, өзиниң мийнети, таланты, интеллектуаллық потенциалы менен Жаңа Өзбекстанды қурыўға мүнәсип үлес қосып атырған ҳаял-қызларға, халықаралық майданларда Ўатанымыздың абырайын арттырып киятырған қызларымызға, олардың ата-аналары, устаз ҳәм тренерлерине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өткен жылы бул мақсетлер ушын 23,5 триллион сум кредитлер ажыратылып, 425 мыңнан аслам ҳаял-қызлар исбилерменликке тартылды.

Ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин арттырыў бойынша кең көлемли бағдарламалар усы жылы да әмелге асырылады. Атап айтқанда, 166 мың ҳаял-қыз заманагөй кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке, және 100 мыңы мәлимлеме технологияларына оқытылады.

Соның менен бирге, "Ҳаял-қызлар дәраматы" бағдарламасы иске қосылып, жумысты үйге алып ислеў, өнерментшилик, қусшылық, пал ҳәррешилик ҳәм қыйтақ жер хожалығы бағдарларында 50 мың ҳаялдың бәнтлиги тәмийинленеди. "Ҳамроҳ" бағдарламасы шеңберинде ҳаял-қызлардың 3 мың жойбары ушын 1 триллион сум қаржы ажыратылады.

Улыўма етип айтқанда, усы жылы 1,5 миллион ҳаялды дәрамат пенен тәмийинлеў, олардың 400 мыңын исбилерменликке тартыў мақсетинде 25 триллион сумнан аслам қаржы қаратылады.

Президентимиз елимизде қызлардың билим алыўы ушын жаратылып атырған имканиятларға да тоқтап өтти. Бүгинги күнде елимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелеринде 904 мыңнан аслам қызларымыз билим алмақта, бул болса жәми студентлердиң 54 процентин қурамақта. Әсиресе, стажёр-изертлеўшилер ҳәм докторантлардың 61 процентин ҳаял-қызлар қурап атырғаны айрықша атап өтилди.

Жаңа оқыў жылынан жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик билимлендириў гранты ушын квоталар саны 2 есеге көбейтилип, 4 мыңға жеткериледи.

Ҳаял-қызлардың инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр жылы кеминде 10 бағдар бойынша стартап таңлаўлары өткериледи. Ҳәр бир жеңимпазға Инновация қорынан 500 миллион сумға шекем грант ажыратылады.

Илажда ҳаял-қызлар ҳәм балаларға көрсетилип атырған күш көрсетиў ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири екени атап өтилди.

Жақында Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызлар ҳәм балаларды ҳәр қандай зорлықтан қорғаўға қаратылған жаңа пәрманға қол қойылды. Енди ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық ҳәм зорлықтың барлық түрлерине қарсы қатаң система тийкарында гүрес алып барылады.

Сондай-ақ, жазаны орынлаў мәкемелеринде жазаны өтеп атырған ҳаял-қызларды жәмийетке реинтеграциялаў бойынша "Жаңа турмыс" бағдарламасын әмелге асырыў нәзерде тутылған. Олар 3-6 айлық бағдарламалар шеңберинде кәсип-өнер үйрениў, жоқары оқыў орынларына кириў ҳәм аралықтан оқыў имканиятына ийе болады.

- Биз өз алдымызға инсанның абаданлығы, оның қәдир-қымбатын тәмийинлеўге хызмет ететуғын ең әҳмийетли мақсетлерди қойғанбыз. Себеби, ҳәр бир инсанның бахыты шаңарақтан басланады, шаңарақ болса, бәринен бурын, ҳаял-қызлар арқалы беккем болады. Әлбетте, бул бағдарда қызларымыздың руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбиясы шешиўши әҳмийетке ийе, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Дүньяда жағдай барған сайын кескинлесип атырған бир ўақытта елимиздеги тынышлық ҳәм татыўлық қаншелли бийбаҳа байлық екени, әсиресе, айқын сезилип тур. Жақсы ислерге пәтия берип атырған меҳрибан апаларымыз, аналарымыз елимиздеги тынышлық-татыўлықты қәстерлеп сақлаў, шаңарақларда, перзентлеримиз ҳәм ақлықларымызда мине усындай уллы бахытқа шүкиршилик сезимлерин тәрбиялаўда бәршеге өрнек болатуғынына исеним билдирилди.

Илажда елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған бир топар ҳаял-қызларға мәмлекетимиздиң жоқары атақлары, орден ҳәм медаллары салтанатлы түрде тапсырылды. Сондай-ақ, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсеткен 28 талантлы қыз Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа ийе болды.

- Мениң ең үлкен әрманым - Жаңа Өзбекстан ҳаял-қызлар өз турмысынан разы, бахытлы, тыныш ҳәм абадан жасайтуғын мәмлекетке айланыўы. Сизлер сыяқлы пидәкер, ғайратлы, мийнеткеш ҳаял-қызларымыз, пүткил халқымыз бенен биргеликте бул ийгиликли мақсетлерге әлбетте, ерисемиз, деп исенемен! - деди мәмлекетимиз басшысы.