баннер
13 Mar 2025
14:02

    Ярмаркада 7 пуқара жумысқа орналасты

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьдағы «2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, республикамыздың барлық мәкан пуқаралар жыйынларында жол карталары тастыйықланып, бул бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

    Усы жол картасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, бүгин Шымбай районы прокуроры Расул Халмуратовтың басламасы менен 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде миграциядан қайтқан жумыссыз пуқаралар ушын бос жумыс орынлары ярмаркасы шөлкемлестирилди.

    Ярмаркаға райондағы 58 кәрхана, шөлкем ҳәм исбилерменлик субъектлери жәми 124 бос жумыс орны менен қатнасты.

    -Өткен жылы жоқары оқыў орнын тамамлап, соннан берли үйде жумыссыз отырған едим,-дейди Айсулыў Алламжарова.-Мине, бүгин өткерилген ярмаркаға жумыс излеп келдим ҳәм онда 25-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине хожалық ислери бойынша меңгериўшиси лаўазымына жумысқа жоллама алдым. Буның ушын район прокуратурасы ҳәм районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлимине үлкен рахмет айтаман.

    Өткерилген илажда 7 жумыссыз пуқараға турақлы жумыс ушын ҳәм 3 пуқараға кәсипке қайта таярлаў курсларына оқыўына жолламалар берилди. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech