Усы жылы 27-декабрьде "Жыл ҳаялы" миллий таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Мәресимди Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева кирис сөзи менен ашып берди.
Илажда Жаңа Өзбекстанның жәмийетлик-сиясий, экономикалық ҳәм руўхый турмысында ҳаял-қызлардың қатнасы барған сайын кеңейип атырғаны айрықша атап өтилди.
Тараўға байланыслы халықаралық стандартларға сай миллий нызамшылық базасы жетилистирилип, елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде ҳаял-қызлардың сиясий, социаллық, экономикалық белсендилигин арттырыў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, гендер теңликти беккемлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бүгин ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 35 процентке, исбилерменлик тараўында 37 процентке, сиясий партиялар қурамында болса 49 процентке жетти.
Министр ҳәм министрге теңлестирилген лаўазымларда ҳаял-қызлардың үлеси 2018-жылы дерлик 3 процентти қураған болса, бул көрсеткиш өткен дәўирде еки есеге артып, 5,7 процентке жетти.
Мәмлекетимиздиң гендер теңлик тараўында ерискен жетискенликлери халықаралық дәрежеде мүнәсип тән алынып келмекте. Өзбекстан 2024-жылы Гендер теңлик ҳәм басқарыў индекси бойынша 72,8 балл топлады. Нәтийжеде 2022-жылы жазылған 103-орыннан 51 орынға көтерилип, 52-орынды ийеледи. Бул Индекс 158 мәмлекетти қамтып алып, гендер теңликке ерисиў жолында табыслар ҳәм кемшиликлерди анықлаў имканиятын береди.
Исбилермен ҳаял-қызлардың саны еки есеге артып, 205 мыңнан асты. Ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў, оларға жеңилликли шәртлер тийкарында кредитлер ажыратыў бойынша жумыслар жедел алып барылмақта.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, "Жыл ҳаялы" миллий таңлаўы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы ПП-87-санлы Пәрманы және Олий Мажлис Сенаты Кеңесиниң 2022-жыл 27-апрельдеги тийисли қарарына муўапық жәмийетлик турмыста белсене қатнасып атырған, ҳәр тәреплеме ибратлы ҳаял-қызларды анықлаў, олардың жумысын кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў ҳәм алдыңғы жумыс тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў мақсетинде өткерилип келинбекте.
Усы жылы бул таңлаўдың район (қала) лық басқышларында 3 091 ҳаял-қыз қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқышларында 1 146 ҳаял қатнасып, 150 и республикалық басқышта қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.
Таңлаўда қатнасыўшылар 12 номинация бойынша, сондай-ақ, биринши, екинши ҳәм үшинши орын ийелери тийисли тәртипте сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасынан қатнасыўшы Нигора Палванова "Жыл ҳаялы" миллий таңлаўының жоқары сыйлығы - Гран-при ийеси болды. Жеңимпаз Президент саўғасы - автомобиль менен сыйлықланды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.