баннер
21 Mar 2025
01:48

    Үйлескен қәдириятлардың қос қуўанышы

    Тынышлық бар жерде берекет болады

    Усы күнлерде пүткил мәмлекетимиз бойлап Наўрыз улыўма халықлық байрамы кеңнен белгиленбекте. "Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!" идеясы тийкарындағы улыўмахалықлық сейиллерде халқымыздың мәңги үрп-әдетлери, қәдириятлары, миллий мийрасы ҳәм дәстүрлери жәмлесип көрсетилмекте.

    Негизинде, елимизге шығысқа тән жаңа жыл келгенине, ҳәр бир аўыл, мәҳәллелерде Наўрыз сезимлери сезиле баслағанына көп ўақыт болды. Неге дегенде, Наўрызы әлемниң жыллылығы, ыссылығы менен пүткил әлем оянады. Атызларда жумыс, қызғын жумыс басланады. Қайси бир мәҳәлледе көмек шөлкемлестирилип, ҳәўлилердеги тереклер ҳәкленип, асты жумсартылады, жақсы нийетлер менен жаңа нәллер егиледи. Ҳаял-қызлар үлкен қазан орнатып, сүмелек писириўди баслап жибереди.

    Мине, усындай қуўанышлы, заўықлы күнлерде елимизде "Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни" де кеңнен белгилениўи бийкарға емес. Мәҳәлле - Наўрыз улығлаўшы қәдириятлар бесиги, миллий мийрас ҳәм дәстүрлеримиздиң даўамлылығын тәмийинлейтуғын орын болып есапланады.

    Әлбетте, бундай қос байрам илажлары ҳәр тәреплеме елимиз мәҳәллелериндеги тынышлық, қәўипсиз орталықты тәмийинлеў, пуқаралардың тынышлығы ҳәм қәтержамлығы ушын көрилип атырған қәўипсизлик илажларын көриў сыяқлы тийкарғы ўазыйпаларға байланыслы.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған.

    Соның ишинде, елимизде социаллық-руўхый орталықты саламатландырыў, халықтың терроризм ҳәм экстремизм идеологиясына қарсы иммунитетин қәлиплестириў, жат идеялар тәсирине түсип қалған шахслар менен системалы жумыслар алып барыў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар белгиленген.

    Бүгин заманагөй дүньяда шегаралар жоғалып, глобалласыў процеси жеделлик пенен өтпекте. Тынышлық, қәўипсизлик мәселеси ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Бул бағдарда, биринши гезекте, мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў, пуқаралардың тынышлығын ҳәм татыўлығын тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе. Мәҳәлле - тынышлық, мийрим-шәпәәт, тәрбия орайы.

    Соңғы жыллары елимизде мәҳәлле институтының статусы арттырылып, ўәкиллиги кеңейтилди. Бул болса, мәҳәллениң исбилерменлик ҳәм бәнтлик орайына, социаллық-экономикалық мәселелер шешилетуғын бир пүтин мәканға айланыўына тийкар жаратпақта. Мәҳәлледе жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жынаячтшылықты азайтыўға қаратылған реформалардың нәтийжеси болса ҳақыйқаттан да қуўанышлы.

    Санларға нәзер тасласақ, 2024-жылы Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы тәрепинен мәпдар уйымлар менен биргеликте орынланған жумыслар нәтийжесинде 3287 мәҳәлле жынаятшылықтан, 2 мыңға шамаласы жумыссызлықтан, 1 мың 500 ден асламы шаңарақлық ажырасыўдан жырақ аймаққа айланды.

    Еле мәҳәллелердиң иске қосылмаған имканиятлары көп. Әсиресе, мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыўдың шөлкемлестириўшилик-профилактикалық тийкарларын заман талапларына бейимлестириў, жүз беретуғын нызамбузыўшылықлардың тийкарғы факторларын өз ўақтында анықлаў ҳәм комплексли илажлар менен мәнзилли сапластырыў арқалы жынаятшылықтың ерте алдын алыў мүмкин.

    Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 3-январьдағы "2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы қарары "Өзбекстан - 2030" стратегиясының тийкарғы мақсетлерине ерисиў, сондай-ақ, жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы тараўындағы жумысын 2025-жылы сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

    Қарар менен мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў бойынша 2025-жылдың биринши ярым жыллығына мөлшерленген мәнзилли илажлар бағдарламасы ҳәм "ўәлаят - район - мәҳәлле" дәрежелери бойынша ҳәр шереклик үлги жол карталары тастыйықланды.

    Жол карталарының орынланыўын системалы түрде қадағалап барыў мақсетинде Бас прокуратура жанында 2025-жылы турақлы жумыс алып баратуғын Республикалық уйымлараралық муўапықластырыўшы жумысшы топар дүзилди.

    Соның менен бирге, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик тараўларына жуўапкер уйымлар ушын 2025-жылы ҳәр бир мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

    - Жынаятшылықтың ерте алдын алыўда мәҳәлледе жаратылатуғын қәўипсиз орталық үлкен әҳмийетке ийе, -дейди Ишки ислер министрлиги ЖҲҚП ҳуқықбузарлықлар профилактикасы хызметиниң баслығы Ҳотам Қодиров. - Мәмлекеттиң тынышлығы мәҳәлледен басланады. Ең әҳмийетлиси, қарар менен жаңа миграциялық профилактика бөлимлери шөлкемлестириледи. Оларға мийнет миграциясынан қайтып келген пуқаралар арасында жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша мәнзилли жумысларды шөлкемлестириў, мәҳәлле профилактика инспекторларының бул бағдардағы жумысын муўапықластырыў және анықланған машқалаларды жуўапкер уйымлар менен биргеликте сапластырыў илажларын көриў ўазыйпасы жүкленбекте.

    Қарарда белгиленгениндей, мәҳәллелерде жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм жумыссызлар, шаңарақ-турмыс шеңбериндеги жынаятшылықтың алдын алыўда "мәҳәлле жетилиги"ниң анық жуўапкершилиги белгиленип, жаңаша жумыс усыллары енгизиледи. Сондай-ақ, халықтың ҳуқықый санасы, социаллық белсендилиги ҳәм пуқаралық жуўапкершилигин арттырыўға жәмийетшилик ўәкиллери, нураныйлар ҳәм мәҳәлле белсендилери кеңнен тартылады.

    - Президентимиз жаслар тәрбиясында, мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықты саламатландырыўда, шаңарақларда татыўлықты сақлаўда нураныйлардың көп жыллық тәжирийбесине жоқары исеним билдирип атырғаны итибарлы, - дейди "Нураний" қоры республикалық басқармасының баслығы, Өзбекстан Қаҳарманы Содиқжон Турдиев. - Бул ҳүжжет пенен бул бағдардағы жумысымыз және де жанландырылады. Атап айтқанда, жынаятшылықтың жүз бериўине себеп болатуғын социаллық машқалаларды шешиў, мәҳәлледе қәўипсиз, жынаятшылықтан жырақ аймақ жаратыўға турмыслық тәжирийбеси үлкен нураныйлар ҳәм мәҳәлле белсендилерин кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылады.

    Бул ийгиликли жумысларда "мәҳәлле жетилиги"не жәрдемши болып турған нураныйларымыз "Бир нураный - он жасқа жуўапкер", "Нураный - ҳәр бир шаңараққа жуўапкер" сыяқлы принциплер тийкарында және де белсендилик көрсетеди. Олардың жергиликли ҳәкимликлер, жуўапкер шөлкемлер, "мәҳәлле жетилиги" менен биргеликтеги ҳәрекетлери избе-из даўам етиўи ушын зәрүр илажлар белгиленди.

    2025-жылы мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықты сақлаў, шаңарақларда татыўлықты тәмийинлеў, қоршаған орталықты сақлаў, жынаятшылықты сапластырыў бағдарында бир қатар ўазыйпаларды белгилеп алдық. Бул бағдарда "Нураныйлар ҳәм ата-аналар кеңеси" мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўде оғада үлкен нәтийже береди.

    Қарарға тийкарланып, ҳуқық қорғаў уйымларының илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери жынаят жүз берген мәҳәллелерге атпа-ат бириктирилмекте. Онда олар 2025-жыл январь-апрель айларында тиккелей орынларға шыққан ҳалда жынаят жүз берип атырған мәҳәллелердеги криминоген жағдайға тәсир етип атырған тийкарғы факторларды үйренеди және олардың өзгешелигинен келип шығып, тәсиршең профилактика системасын жолға қойыўға қаратылған мәнзилли илимий усыныслар ислеп шығады ҳәм әмелиятқа енгизиўге жеке жуўапкер болады.

    Сондай-ақ, барлық районлардағы сектор басшылары, Миллий гвардия қорғаў хызмети баслықлары ҳәм ИИБ баслықларының орынбасарларына криминоген жағдайы аўыр мәҳәллелер атпа-ат бириктирилмекте. Онда бул басшыларға социаллық профилактика системасын нәтийжели жолға қойыў бойынша қатаң жеке жуўапкершилик жүкленбекте. Криминоген жағдай аўыр мәҳәллелерде ерисилген нәтийжелер аналитикалық додаланады ҳәм ҳәр бир мәҳәлле бойынша Президентке мәлимлеме берилип барылады. Республика дәрежесинде ҳәр бир аймаққа Ишки ислер министрлигиниң 14 басшы хызметкери бириктирилип, жыл даўамында жуўапкер болады.

    - Қарар менен мәҳәллелер, жәмийетлик орынлар ҳәм елатлы пунктлерде қәўипсиз орталық жаратыў, буннан тысқары, пуқаралардың өмири, денсаўлығы ҳәм мүлкине ҳәр қандай топылыстың алдын алыў мақсетинде ҳуқықбузарлықлар профилактикасына заманагөй санлы технологиялар ҳәм техникалық қураллар кеңнен енгизиледи, - дейди Ишки ислер министрлиги "Қәўипсиз қала" орайының баслығы Улуғбек Куланов. - Бул жумыслар усы жылы Санлы қәўипсиз мәҳәлле концепциясы тийкарында елимиздиң барлық мәҳәллесинде мәнзилли түрде орынланады.

    Атап айтқанда, "Қәўипсиз қала" орайы тәрепинен ҳәр бир мәҳәллениң тийкарғы кириў ҳәм шығыў орнында шахсты идентификациялайтуғын ҳәм транспорт қуралларының мәмлекетлик номерин таныйтуғын қурылмалар және "қәўетер" түймелеринен ибарат интеллектуаллық системалар орнатылады. Ҳәўлилерде "ақыллы" видеокамера, көп қабатлы турақ жайлардың дәлизинде заманагөй қурылма ҳәм техникалық қорғаў қураллары орнатылады. Қысқасы, мәҳәлле профилактика инспекторының қолындағы планшет арқалы аймаққа кирип шығып атырған гүманлы шахслар ҳәм автомобиллерди жасалма интеллект жәрдеминде қадағалайтуғын система жаратылады.

    Бүгин мәҳәлле миграциядан қайтқанларды жумыс пенен тәмийинлеў, сырт елде жумыс ислеў тилегиндеги пуқараларды тәртипли ҳәм нызамлы тийкарда жумысқа жибериўде де әҳмийетли орын ийелемекте. 2024-жылы мәҳәллелердиң ҳәрекети менен миграцияда болып турған 418 мың пуқара Өзбекстанға қайтарылды, 147 мыңы мәнзилли түрде сырт елде жумысқа жайластырылды.

    Қарарға муўапық, ишки ислер уйымлары профилактика хызмети қурамында шөлкемлестириўшилик-институционаллық илажлар әмелге асырылмақта. Криминоген жағдай аўыр район-қала мәҳәллелеринде хызмет етиўши ишки ислер уйымлары профилактика киши инспекторы лаўазымы шөлкемлестириледи.

    Усы жыл 1-марттан баслап профилактика инспекторының жәрдемшиси лаўазымы сапластырылады. Бул штат бирликлери негизинде сынақ тәризинде ҳәкимшилик әмелият топарларының жумысы жолға қойылады. Топарлар профилактика инспекторына келип түскен мүрәжатлар бойынша жынаят иси қозғатыўды бийкарлаў ҳаққындағы қарарларды үйренип, қурамында ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық белгилери бар болғанда оларды рәсмийлестиреди.

    Бул әмелият арқалы мүрәжат еткен пуқаралардың нызамлы мәплери ҳәм жүз берген ҳуқықбузарлық ушын жазаның сөзсиз екенлиги тәмийинленеди.

    Айырым ўәлаятлардың криминоген жағдайы аўыр мәҳәллелеринде шөлкемлестирилген штат структурасы тийкарында мәҳәлле ҳуқық-қорғаў орынларының жумысы жолға қойылады. Орайдың шөлкемлестириўши штат структурасына микроаймаққа хызмет көрсетиўши профилактика, ҳаял-қызлар мәселелери, пробация, жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм патруль-пост хызмети инспекторлары ҳәм оператив-излеў хызметкери киргизилип, Миллий гвардия қорғаў бөлимлериниң нарядлары турақлы түрде хызмет етиўи шөлкемлестириледи.

    Қарардағы әҳмийетли жаңалықлардан және бири - социаллық профилактика системасында қосымша тәртип орнатылмақта. Оған бола, жеңил дене жарақаты, майда зорлық, шаңарақлық зорлық, нәшебентлик қураллары менен байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар “E-ma’muriy ish” системасында дизимнен өткен ўақыттың өзинде ҳуқықбузарларға автомат тәризде “E-ijtimoiy profilaktika” системасында жуўмақ қәлиплестириледи ҳәм орынлаўға қаратылады.

    Жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен ҳәр айда ҳәр бир районның төрт секторында криминоген жағдай аўыр мәҳәллелерде кеминде екеўден "үлгили қәўипсиз көше" ҳәм бесеўден "үлгили қәўипсиз жол" шөлкемлестириледи.

    Мәмлекетимиз басшысының бул қарары мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлар профилактикасы тараўындағы жумысты 2025-жылы сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў, бул бағдарда жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер тәрепинен мәнзилли илажлар көрилиўине хызмет етеди.

    Лутфулла СУВОНОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    Телеграм каналымыз
    Text to speech