Қубла Корея экс-президенти Юн Сок Ёль 2024-жыл декабрь айындағы қозғалаң иси бойынша өмирлик қамақ жазасына ҳүким етилди. Ҳүкимди 19-февраль күни Сеул орайлық районлық суды шығарды, деп хабар бермекте Yonhap агентлиги.
Бул статья бойынша жынаят кодексинде тек өлим жазасы ямаса өмирлик қамақ жазасы нәзерде тутылған. Прокуратура бурынғы президент ушын 1997-жылдан берли Қубла Кореяда мораторий енгизилген өлим жазасын талап еткен.
2024-жылдағы көтерилис иси бойынша бурынғы қорғаныў министри Ким Ён Хёнға да ҳүким шығарылды. Ол 30 жыллық қамақ жазасын алды.
Жәми Юн Сок Ёль судланыўшы сыпатында сегиз суд процесинде қатнаспақта, олардың төртеўи әскерий жағдайды енгизиў менен байланыслы. Басқа бир ис бойынша - 2025-жыл январь айында президентлик қорғаў хызмети ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының қарсылығы себепли қамаққа алыўға тосқынлық етиў бойынша ол усы жылдың январь айында бес жылға еркинен айырыў жазасына ҳүким етилген еди.
Юн Сок Ёль 2024-жыл декабрьде конституцияға қайшы түрде әскерий жағдай енгизгени ушын қозғалаң шөлкемлестириўде айыпланды. Атап айтқанда, тергеў оны "сиясий қарсыласларын қыйратыўға" урынды, деп есаплады. 2025-жыл апрель айында Конституциялық суд әскерий жағдай мәмлекеттиң тийкарғы нызамына қайшы келеди, деп есаплады ҳәм усы тийкарда Юн Сок Ёль ҳәкимияттан шетлетилди, деп жазады tass.ru.