Қарарға бола, 2025-2027-жылларда төмендегилерди нәзерде тутатуғын "Жаслар бизнеси" бағдарламасы әмелге асырылады:

бағдарлама шеңберинде 350 мың жас қамтып алынады, соның ишинде, 18 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған шахслар ушын кеминде 100 мың қосымша жумыс орынлары жаратылады;

жас исбилерменлерге комплексли хызметлер көрсетиледи, олардың жумысын қаржылай қоллап-қуўатлаў бағдарында АК "Алоқабанк" таяныш "жаслар банки" етип белгиленеди;

заманагөй исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў ушын жаслардың стартап ҳәм инвестициялық жойбарларына жеңиллетилген финанслық қаржылар ажыратылады;

экономика тармақлары ҳәм тараўларындағы, соның ишинде, санлы технологиялар енгизилген инновациялық жойбарлар және социаллық исбилерменлик бағдарындағы қоллап-қуўатлаў илажлары енгизиледи.

"Бизнеске биринши қәдем" жойбарына муўапық 18 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған социаллық салық төлеген өзин-өзи бәнт еткен физикалық тәреплерге онлайн тәризде жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке 100 млн сумға шекем жеңиллетилген микроқарыз сыпатында ажыратылады.

"Жаслар ушын жумыс орынлары" жойбары тийкарында ЖШЖ сыпатында жумыс алып барып атырған жас пуқараларға, сондай-ақ, шөлкемлестириўшилери жас пуқаралар болған юридикалық шахс шөлкемлестирилген ҳалда жумыс алып барып атырған киши исбилерменлердиң кеминде 20 жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутатуғын жойбарларына жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке 5 млрд сумға шекем қаржылар ажыратылады.

"Инновациялық жаслар" жойбары бойынша венчур қорлары арқалы жаслар қоллап-қуўатланады.