Мәмлекетимизде энергетика тараўын жедел модернизациялаў, жаңа электр станциялары ҳәм подстанциялар қурыў, магистраль тармақларды жаңалаў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Экономика тармақларының өсиўи ҳәм халық санының көбейиўи нәтийжесинде электр энергиясына болған талаптың артыўы жоқары күшлениўли электр узатыў тармақларын раўажландырыўды талап етпекте. Соның ушын ишки ҳәм сыртқы базарда жоқары күшлениўли кабеллерге турақлы талап сақланып қалмақта.
Бул талапты тәмийинлеўге қаратылған «Enco Group» кәрханасы Беларустың «Energokomplekt» компаниясы менен биргеликте «Eltech Industrial» технопаркинде 21 гектар майданда қурылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы дерлик 60 миллион долларды қурайды. Кәрхана толық қуўатлылық пенен иске қосылғаннан соң 600 жаңа жумыс орны жаратылады.
Жойбар еки басқышта әмелге асырылмақта. Кәрханада жылына 25 мың тонна өним ислеп шығарылыўы, экспорт потенциалы 300 миллион доллар болыўы күтилмекте.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумысларының биринши басқышы 98 процентке орынланған болып, 10 миллион доллардан аслам инвестиция өзлестирилген. Кәрхана өнимлерин Германия, Латвия, Эстония, Болгария ҳәм ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етиў режелестирилген. Дәслепки есап-санақларға бола, жыллық экспорт көлеми 140 миллион доллар болыўы керек.
Өткен жылы елимизге дерлик 400 миллион долларлық жоқары күшлениўли кабель өнимлери ҳәм изоляцияланған мыс шиналар импорт етилген. Кәрхана толық қуўатлылық пенен иске қосылғаннан соң, 150 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў имканияты жаратылады.
Атап өтилгениндей, Орайлық Азияда бул тармақта жумыс алып барып атырған 12 кәрхананың 4 и Өзбекстан үлесине туўра келеди. Бул елимизде электротехника санааты басқышпа-басқыш жоқары қосымша қун жарататуғын тармаққа айланып баратырғанынан дәрек береди.
Мәмлекетимиз басшысына кәрхананы раўажландырыўдың келешектеги режелери, өним ислеп шығарыў көлемин ҳәм түрлерин кеңейтиў, локализациялаў дәрежесин арттырыў бойынша усыныслар берилди.
Президентимиз санаат кооперациясын кеңейтиў, жергиликли шийки заттан нәтийжели пайдаланыў, алдыңғы технологияларды енгизиў, бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыўды және де көбейтиў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.