Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатында атап өткениндей, быйыл 8 миллион 100 мың квадрат метр көп қабатлы турақ жайлар қурылып, пайдаланыўға тапсырылмақта. Улыўма, кейинги тоғыз жылда 210 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа Ташкент қаласында да кең көлемли турақ жай қурылысы жедел даўам етпекте. Биринши басқышта 600 мың халық ушын заманагөй инфраструктураны қурыў режелестирилген. Жойбар толық жуўмақланғаннан соң болса, Жаңа Ташкент 2 миллион халыққа мөлшерленген үлкен мегаполиске айланады.

Турақ жайға болған талапты қанаатландырыўда «Sharq bahori» комплекси дәслепки қәдем болады. Бул регионымыздағы ең ири турақ жай қурылысы жойбарларынан бири болып, 95 гектар майданда дерлик 15 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурылады.

Бүгинги күнге шекем бул жерде 18 миллион квадрат метрден аслам қурылыс жумыслары орынланған. "А+" класындағы заманагөй энергия үнемлеўши материаллардан пайдаланылмақта.

Сондай-ақ, комплекс аймағында 15 мың түптен аслам терек ҳәм пута нәллерин егиўди нәзерде тутатуғын жасыл аймақ шөлкемлестириў режелестирилген. Автоном ысытыў ҳәм суўытыў системалары орнатылып, төбелер толық қуяш панеллери менен қапланады.

Халықтың жеке автомобиллерин турақ жайға қойыў ушын турақ жайлардың астында жер асты автомобиль турыў орынлары шөлкемлестирилмекте. Комплекстен 5-10 минутлық аралықта дем алыў бағы, метро бәндиргиси, ҳәкимшилик имаратлар ҳәм жәмийетлик мәкемелер пайда болады.

Президентимиз қурып питкерилген квартиралардың бирине кирип, олардағы шараятлар менен танысып, Жаңа Ташкент халық ушын ҳәр тәреплеме қолайлы турақ жайлар қурыўда пүткил елимиз ушын үлги ҳәм тәжирийбе мектебине айланыўы зәрүр екенлигин атап өтти.