Қарақалпақ ҳәм өзбек тиллерине мәмлекетлик тил статусының берилиўи республика аймағында жасап атырған миллетлер ҳәм халықлардың өз ана тилин пайдаланыўында конституциялық ҳуқықларын кемситпейди.
Қарақалпақстан Республикасында барлық пуқараларға мәмлекетлик тилди үйрениў ҳәм оның аймағында жасап атырған миллетлер ҳәм халықлардың тиллерине ҳүрмет пенен қатнас жасаў ушын шараятлар жаратылады, бул тиллерди раўажландырыў ушын жағдайлар дүзип бериледи.
Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары елимизде жасаўшы түрли миллет ўәкиллериниң өз ана тилинде билим алыўы ҳәм кәсип-өнер үйрениўи ушын барлық қолайлы шараятлар жаратып берилип, олар өз-ара дослықта аўызбиршилик пенен жасап келмекте.
1-декабрь –Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң 35 жыллығы мүнәсибети менен Төрткүл районындағы 3-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде салтанатлы байрам кешеси болып өтти.
Оған депутатлар, район басшылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Кешеде район ҳәкимниң орынбасары У. Аллабергенов ҳәм басқалар илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, мәмлекетимизде Президентимиз басшылығында жүргизилип атырған әдил сиясат нәтийжесинде қарақалпақ тилин раўажландырыў ҳәм оның мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын арттырыўға қаратылып атырған итибар ҳаққында кең түрде айтып берди.
Буннан соң райондағы 43-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшылары өзбек, қарақалпақ, түркмен ҳәм қазақ тиллеринде байрамға арналған қосықларын оқып берди ҳәм сәне мүнәсибети менен қатнасыўшыларды қызғын қутлықлады.
Кешениң көркем-мәдений бөлиминде мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби тәрбияланыўшылары тәрепинен йошлы қосық ҳәм аяқ-ойынлар атқарылып, бул байрамға өзгеше заўық бағышлады.
Сондай-ақ, илажда районлық Мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен қарақалпақ тилиндеги көркем әдебиятлар көргизбеси, «Бәркамал әўлад» балалар мектеби тәрепинен өнерментшилик үлгилери көргизбеси шөлкемлестирилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.