Бул үлкен жойбар Президентимиздиң 2025-жыл 1-июльдеги қарарына муўапық
әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы августта бул объекттиң
тырнағын қалаған еди.
Президентимиз музей аймағында әмелге асырылып атырған кең көлемли
қурылыс-монтажлаў жумыслары, объектлердиң ирге тасын қуйыў ҳәм инженерлик инфраструктурасын
жаратыў процеси менен танысты. Комплекс елимиздиң бай тарийхы ҳәм мәдениятын,
халқымыздың мақсет ҳәм умтылысларын көрсететуғын әҳмийетли мәдений орынға
айланатуғыны атап өтилди.
Музейдиң архитектуралық көриниси ҳәм мазмуны дүнядағы алдынғы тәжирийбелер
тийкарында қәлиплестирилген. Жойбар атақлы япон архитекторы Тадао Андо
тәрепинен ислеп шығылған болып, экспозиция концепциясы Германияның “Atelier Brückner” бюросы тәрепинен таярланған.
Музейдиң улыўма
майданы 3,9 гектар болып, имараттың көлеми 40 мың квадрат метрден асламды
қурайды. Имарат тийкарғы үш қабатлы имарат ҳәм еки қабатлы жер асты бөлиминен
ибарат болады.
Музей майданының
60 проценти билимлендириў ҳәм илимий жумысларға ажыратылады. Бул жерде көргизбе
заллары, бай китапхана, реставрация лабораториялары, әнжуманлар заллары болады.
Шаңарақлар ҳәм жаслардың мазмунлы дем алыўы ушын ресторанлар, балалар
майданшалары да шөлкемлестириледи.
Бул мәдений объект
бир ўақыттың өзинде 3 мың 500 ге шекем зыяратшыны қабыллаў имканиятына ийе
болады. Бул жерде 10 мыңға шамалас тарийхый ҳәм көркем өнер экспонатлары
қойылады.
Қурылыс
тамамланғаннан соң имарат бул жерде жайласқан Абулқосым медресеси, Халықлар
дослығы сарайы ҳәм Миллий парк пенен биргеликте бир пүтин архитектуралық
ансамбльди пайда етеди.
Қоспа көргизбелер
өткериў ушын Франциядағы Лувр, АҚШтағы Метрополитен музейи, Британия музейи
сыяқлы дүньяның жетекши мәдений мәкемелери менен бирге ислесиў жолға қойылады.
Президентимиз
қурылыс жумысларын белгиленген мүддетлерде ҳәм жоқары сапа талаплары тийкарында
әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.