Өзбекстан - Армения қатнасықларын, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм
инвестициялық тараўларда және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери
додаланды.
Усы мәниде, санаат кооперациясы бойынша жаңа қоспа жойбарларды ислеп
шығыў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ регионларын
байланыстыратуғын логистика ҳәм транспорт коридорларын раўажландырыў арқалы
өз-ара байланыслылықты беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти.
Өзбекстан Президенти регионаллық турақлылық ҳәм избе-из раўажланыў ушын
беккем тийкар болатуғын Тынышлық келисимин тезирек дүзиў бағдарындағы
ҳәрекетлерди жоқары баҳалады.
Еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме, соның ишинде, Бирлескен Миллетлер
Шөлкеми ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы шеңбериндеги илажлар режеси
де көрип шығылды.