Бул халықаралық финанс институты менен бирге ислесиўди, бәринен бурын,
алдынғы ушырасыўларда ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў
шеңберинде буннан былай да раўажландырыў мәселелери дыққат орайында болды.
Дилма Русеф Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жаңаланыўларға жоқары
баҳа берди ҳәм мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы
бағдарларын буннан былай да қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
Өзбекстан Жаңа
раўажланыў банкине ағза мәмлекетлер қатарына қосылғаны қанаатланыўшылық пенен
атап өтилди. Банктиң экспертлик миссияларының қатнасыўында энергетика, суў
хожалығы, транспорт ҳәм инженерлик инфраструктурасы, жеке меншик ҳәм социаллық
секторды қоллап-қуўатлаў тараўларындағы биргеликтеги жойбарлардың орта мүддетли
портфелин қәлиплестириўге келисип алынды. Регионаллық әҳмиетке ие ири
транспорт-логистика жойбарларын әмелге асырыўда ЖБРның қатнасыўы әҳмийетли
екени атап өтилди.
Банктиң
мәмлекетти экологиялық трансформациялаў бойынша әмелге асырылып атырған
бағдарлама ҳәм жойбарлардағы қатнасына айрықша итибар қаратылды.
Келешекте Жаңа
раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы ири илажларын өткериў режелери көрип шығылды.