Вагит Алекперов мәмлекетимиз басшысына компанияның Өзбекстан энергетика тараўында әмелге асырылып атырған жойбарларының ҳәзирги жағдайы ҳаққында толық мәлимлеме берди. Геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм углеводородлардың перспективалы кәнлерин өзлестириў, нефть өнимлерин усақлап сатыў тармағын раўажландырыў ҳаққында сөз болмақта.
Сондай-ақ, компанияның елимиздеги жумысын кеңейтиў режелери көрип шығылды.