Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында өткен илажда Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм АҚХҚ Атқарыў комитетиниң баслығы Асхат Оразбай да қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, Қазақстанның 2023-2026-жылларда Арал теңизи бассейниндеги экологиялық, суў хожалығы ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаўдың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.
Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде:
Орайлық Азияда суў тәшўишиниң күшейиўине алып келетуғын климат өзгериўи ҳәм суўдан пайдаланыўдың артыўы шараятында Қордың орны ҳәм әҳмийети буннан былай да артады.
- Экспертлердиң есап-санақларына бола, 2040-жылдың өзинде Арал теңизи бассейнинде суў ресурсларының жетиспеўшилиги дерлик еки есеге артып, жылына 20 миллиард куб метрге жетиўи мүмкин. Бул ишимлик суўы тәмийнаты, экология, аграр тараў, энергетика ҳәм социаллық турақлылық ушын қосымша қәўиплер туўдырмақта, - деди Шавкат Мирзиёев.
Соның менен бирге, регион мәмлекетлери суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилиги бойынша ең төмен орынларды ийелеп келмекте. Аўыл хожалығында бир доллар муғдарында қосымша қун жаратыў ушын мәмлекетлеримиз дерлик 3 куб метр, дүньяда болса орташа 2 есе аз суўдан пайдаланады.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрилип атырған илажларға ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. Қысқа мүддетте барлық суўғарылатуғын жерлердиң 60 процентинде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилди, ирригация каналларын бетонлаў 40 процентке жеткерилди. Насос станцияларын модернизациялаў есабынан суў хожалығында энергия жумсалыўы дерлик 30 процентке азайтылды.
600 мыңнан аслам суўдан пайдаланыўшылар ҳәм 4 миллион гектардан зыят суўғарылатуғын жерлерди қамтып алған бирден-бир санлы мағлыўматлар базасы қәлиплестирилмекте.
Бул илажлардың нәтийжесинде жылына 10 миллиард куб метрден аслам суў ресурслары үнемленбекте. 2030-жылға барып бул көлем 15 миллиард метр кубты қурайды.
Бул илажлардың барлығы комплексли ҳәм избе-из болып, өткен жылы қабыл етилген Суў кодексинде өз көринисин тапқан.
Мәмлекетимиз жетекшиси Өзбекстан Қорды регионаллық интеграцияның әҳмийетли драйверлеринен бирине айландырыўға умтылып атырғанын атап өтти. Усы мәниде, Өзбекстанның келеси жылдан басланатуғын АҚХҚға басшылығының тийкарғы бағдарларына тоқтап өтти.
Бәринен бурын, АҚХҚ жумысын раўажландырыў ҳәм модернизациялаў, Қордың структурасы ҳәм шәртнамалық-ҳуқықый базасын жетилистириў жумысларын даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Қор уйымларының ўәкилликлерин кеңейтиў, статусы ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бойынша усыныслар қоллап-қуўатланды.
Қырғызстанның АҚХҚ жумысындағы толық қатнасыўының қайта тиклениўине үмит билдирилди, бул болса Қордың және де тең салмақлы ҳәм узақ мүддетли қарарларын қабыл етиўге хызмет етеди.
Буннан соң Өзбекстан басшысы АҚХҚның күн тәртибин Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары қарарлары менен үйлестириўге шақырды. Мәсләҳәт ушырасыўлары даўамында жоқары дәрежеде келисилген турақлы раўажланыўдың тийкарғы бағдарлары Фондтың қәнигелескен механизмлери арқалы әмелий жүзеге шығарыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.
Қордың бағдарлама ҳәм жойбарларының нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен төртинши Арал теңизи бассейни бағдарламасының орынланыўын мониторинг етиўге нәтийжелиликтиң тийкарғы индикаторларын киргизиў усыныс етилди, бул болса раўажланыўды бақлап барыўға, кемшиликлерди анықлаўға ҳәм халықаралық шериклердиң қосымша қаржылары менен техникалық жәрдемин тартыўға жәрдем береди.
Қордың тийкарғы бағдарламаларын қаржыландырыў бойынша бар тәсиршең қураллардан пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик тийкарындағы Траст фондының ўәкиллиги ҳәм географиясын пүткил Арал теңизи бассейнине кеңейтиў имканиятын көрип шығыў усыныс етилди.
- Бул барлық мәмлекетлеримиз аймағында турмыслық әҳмийетке ийе экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жойбарларды әмелге асырыўға мақсетли инвестицияларды бағдарлаў имканиятын береди, - деди Шавкат Мирзиёев.
Қаржы ҳәм басқа да регионаллық структуралар арасында жедел бирге ислесиўди жолға қойыў әҳмийетли екенине итибар қаратылды. Қор суў-энергетика, музлықларды сақлаў мәселелери бойынша регионаллық платформалар менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўы зәрүр.
ҳәм таў экосистемалары, климат өзгериўине бейимлесиў, шөллениўге қарсы гүресиў. Мысал ретинде Ташкент қаласындағы Жасыл университет жанындағы Шөллениўге қарсы гүресиў орайы менен биргеликте мақсетли жойбарларды әмелге асырыў усыныс етилди.
Өзбекстан Президенти халықларымыздың суўды өмир дәреги сыпатында қәстерлеп-сақлаўға байланыслы көп әсирлик дәстүрлерин тиклеў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратты.
- Жәмийеттиң суўға болған мүнәсибети өзгермесе, ҳеш қандай инженерлик шешимлер күтилген нәтийжени бермейтуғыны анық. Үзликсиз билимлендириў системасы арқалы - мектепке шекемги билимлендириў дәрежесинен қәниге таярлаў дәрежесине шекем суўдан ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәммениң күнделикли әдетине, улыўма мәдений кодымызға айландырыўға ҳәрекет етиўимиз керек, -деди мәмлекетимиз басшысы.
Сондай-ақ, "Келешек суўы" регионаллық бағдарламасын иске қосыў, оның тийкарғы бөлеги сыпатында фермер ҳәм санаатшыларды заманагөй суўды үнемлейтуғын технологиялардан пайдаланыўға әмелий үйретиў усыныс етилди.
Өзбекстан жетекшиси Аўғанстан менен конструктивлик бирге ислесиўди беккемлеў, оны климат, экология, аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша регионаллық бирге ислесиўге тартыў әҳмийетли екенин атап өтти. Бүгинги күнде Аўғанстанда жағалықларды беккемлеў ҳәм мелиорация жумысларын әмелге асырыў ушын халықаралық донорлардың қаржыларын тартыў әҳмийетли болып есапланады.
Келешекте Аралбойындағы барлық мәмлекетлер, соның ишинде, Аўғанстанның ҳуқықлары менен миннетлемелерин есапқа алған ҳалда суў ресурсларын бөлистириў бойынша регионаллық шәртнамалық-ҳуқықый базаны қәлиплестириў зәрүр.
Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти 2026-2036-жылларды "Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы" деп жәриялаў ҳәм регион мәмлекетлеринде Суў ҳәптелигин турақлы өткерип барыўға байланыслы басламалардың әмелге асырылыўы қоллап-қуўатланатуғынына үмит билдирди.
Өзбекстан Президенти қоңсы мәмлекетлердиң жетекшилерин сентябрь айының ақырында Самарқандта өткерилетуғын Жәҳән суўды үнемлеў форумына және бир мәрте мирәт етти.
АҚХҚ мәжилисинде Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан басшылары да шығып сөйледи.
Илаж жуўмағында жетекшилер Астана билдириўи, Қазақстанның басшылығындағы жумыслардың барысы, 26-мартты Халықаралық Арал теңизи, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья күни деп жәриялаў және Өзбекстан басшысын 2027-2029-жылларға Қордың президенти етип сайлаў ҳаққындағы қарарларға қол қойды.