Мәмлекетимиз басшысын Сербия Президенти Александр Вучич қызғын күтип
алды.
Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине Ҳүрметли қараўыл сап тартты. Әскерий
оркестр тәрепинен Өзбекстан ҳәм Сербияның мәмлекетлик гимнлери атқарылды, он
рет артиллериядан оқ атылды.
Мәмлекет басшылары Ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий
делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Биргеликте сүўретке түсиўден соң жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.