Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы қызғын қабыллағаны ҳәм жоқары итибары ушын Султанға миннетдаршылық билдирип, Оман жетекшиси ҳәм дос халқын жақынласып киятырған байрам – Оман Миллий күни менен қызғын қутлықлады.
Сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларын ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланды.
Сиясий сөйлесиў ҳәм уйымлараралық алмасыўлар жеделлескени, товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми турақлы артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жоқары дәрежедеги сапар алдынан Маскатта Ҳүкиметлераралық комиссияның алтыншы мәжилиси болып өтти, бир қатар исбилерменлик ҳәм мәдений илажлар шөлкемлестирилди.
Усы жылдың июль айында еки мәмлекет пайтахтлары арасында тиккелей авиақатнаўлардың жолға қойылғаны жоқары баҳаланды.
Саўда, инвестициялар, транспорт ҳәм логистика, энергетика ҳәм электротехника санааты, химия ҳәм таў-кән тармақлары, қала қурылысы ҳәм туризм, аўыл хожалығы, космослық изертлеўлер ҳәм санластырыў әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында атап өтилди.
Биргеликтеги жойбарларды алға қойыў мақсетинде Өзбекстан-Оман инвестициялық компаниясының устав капиталын еки есеге арттырыў - 500 миллион долларға жеткериў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Оман капиталының қатнасыўында шөлкемлестирилген Орайлық Азия ҳәм Кавказ инвестициялық фондының жумысын тез пурсатта жолға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Мәдений-гуманитарлық байланысларды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде мәденият ҳәм көркем өнер ҳәптеликлерин өткериў, жаслар форумын шөлкемлестириў, сийрек ушырасатуғын қолжазбаларды санластырыў ҳәм биргеликте үйрениў, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң әйемги қалалары арасында дослық байланысларын орнатыў мақсетке муўапық екени атап өтилди.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Қосылмаў ҳәрекети, "Буғаз араб мәмлекетлери – Орайлық Азия" форматы ҳәм басқа да абырайлы халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара жәрдемди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Оман арасындағы дәстүрий дослық ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған қатнасықларды стратегиялық шериклик дәрежесине көтериў бойынша тарийхый қарар қабыл етти.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў бойынша "жол картасы"н қабыл етиў, сондай-ақ, Муўапықластырыўшы кеңестиң механизмин жаратыўға келисип алынды.
Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан Президенти Оман Султанын мәмлекетлик сапар менен елимизге келиўге мирәт етти.