Телекөпир тәризинде өткерилген мәресимде Атом энергиясы бойынша халықаралық агентлик бас директоры Рафаэль Гросси қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы бул жойбардың әмелге асырылыўына көрсетип атырған жеке жәрдеми ҳәм итибары ушын Владимир Путин ҳәм Рафаэль Гроссиге миннетдаршылық билдирди. Мәмлекетимизде биринши атом электр станциясын жаратыўда қатнасып атырған Өзбекстан ҳәм Россия қәнигелерине биргеликтеги жумысы ҳәм жоқары профессионаллығы ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.
Бул жойбардың әмелге асырылыўы Өзбекстанның технологиялық, санаатлық ҳәм илимий раўажланыўының жаңа басқышын баслап беретуғыны, жаңа тармақ - атом энергетикасының раўажланыўына тийкар жарататуғыны атап өтилди. Ол киши модулли атом генерациясы ҳәм ири таяныш энергетика тараўындағы ең соңғы жетискенликлерди бирлестиреди.
Өзбекстан жетекшиси қәўипсизлик сөзсиз ҳәм үстин бағдар екенин айрықша атап өтти. Станцияны қурыў ҳәм эксплуатацияға таярлаў ең заманагөй халықаралық стандартлар, алдынғы инженерлик шешимлер тийкарында ҳәм МАГАТЭниң турақлы қадағалаўы астында әмелге асырылмақта.
Бундай кең көлемли жойбардың турмысқа енгизилиўи ҳәм оның нәтийжелери Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.