Сөйлесиў алдында Түркия Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни
менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, шаңарағына қут-берекет ҳәм
мәмлекетлик жумысында жаңа табыслар тиледи.
Туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар кең көлемли стратегиялық
шериклик дәрежесине көтерилгени, бирге ислесиў барлық бағдарларда жедел
раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Товар алмасыў
көлеми артпақта, қоспа кәрханалар ҳәм турақлы авиақатнаўлар көбеймекте,
перспективалы жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Мәдений-гуманитарлық бирге
ислесиў де жедел даўам етпекте. Атап айтқанда, Хатай ўәлаятында Өзбекстанға
бағышланған объектлер ашылды, Наманганда өткерилген Халықаралық мақам көркем
өнери фестивалы ҳәм Ислам цивилизациясы форумында Түркия тәрепинен жоқары
дәрежедеги делегация қатнасты.
Сөйлесиўде жоқары
дәрежеде ерисилген келисимлер шеңбериндеги кең көлемли реже ҳәм мақсетлерди
биргеликте әмелге асырыў мәселелери де айрықша көрип шығылды.
Мәмлекетимиз
басшысы Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанды Өзбекстанға
рәсмий сапар менен келиўге мирәт етти.