Меморандумға еки шөлкемниң
басшылары Акмал Саидов ҳәм Ли Хункуй қол қойды.
Бул илаж Ташкент қаласында
болып өткен "Қытай - Орайлық Азия" инсан ҳуқықларын раўажландырыў
бойынша 2026-жыл форумы шеңберинде шөлкемлестирилди. Форум Қытайдың Инсан
ҳуқықларын раўажландырыў қоры (CFHRD) ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы тәрепинен
өткерилди.
Өз-ара түсинисиў
меморандумының кирис сөзинде Тәреплердиң өз-ара дослық қатнасықларын беккемлеў,
сондай-ақ, инсан ҳуқықлары тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиўди
кеңейтиў және Өзбекстан - Қытай арасында инсан ҳуқықларын раўажландырыўға
биргеликте жәрдемлесиў тилеги сәўлеленген.
Меморандумда атап өтилгениндей, Тәреплер инсан
ҳуқықларын хошаметлеў ҳәм қорғаў тараўында теңлик, өз-ара ҳүрмет ҳәм мәпдарлық
принциплери тийкарында бирге ислесиўди әмелге асырады. Меморандум шеңберинде,
соның ишинде:
· инсан ҳуқықлары мәселелери бойынша биргеликте
изертлеўлер алып барыў, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары бойынша билимлерди
үгит-нәсиятлаў ҳәм оқыў бағдарламаларын әмелге асырыў;
· инсан ҳуқықлары тараўында өз-ара пайдалы мәлимлеме
алмасыўын жолға қойыў ҳәм илимий семинарларды биргеликте өткериў;
· ҳәр еки мәмлекеттиң инсан ҳуқықлары тараўындағы
халықаралық миннетлемелерин орынлаўға көмеклесиў ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша
глобал басқарыўды жетилистириўге жәрдем бериў сыяқлы бағдарларда бирге
ислеседи.
Меморандумда бундай бирге ислесиўди әмелге асырыў
формалары да көрсетилген. Бул жерде, атап айтқанда, инсан ҳуқықларын хошаметлеў
ҳәм қорғаў тараўында өз-ара мәлимлеме, нызамшылық ҳүжжетлери, мәлимлеме-таллаў
материаллары ҳәм әдебиятлар, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық
миннетлемелерди орынлаўға байланыслы тәжирийбе алмасыў ҳәм инсан ҳуқықларын
қорғаўға жәрдемлесиўге қаратылған қоспа илимий бағдарламалар ҳәм социаллық әҳмийетке
ийе жойбарларды әмелге асырыў ҳаққында сөз болмақта.
Буннан тысқары, хызметкерлер ушын сапарлар ҳәм
әмелиятлар шөлкемлестириў, инсан ҳуқықлары мәселелери бойынша халықаралық
конференциялар, семинарлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм оқыў бағдарламаларын өткериў
нәзерде тутылмақта. Қалаберди, инсан ҳуқықларын хошаметлеў ҳәм қорғаў
мәселелери бойынша қоспа басылымлар таярлаў ҳәм басып шығарыў, инсан ҳуқықлары
тараўындағы халықаралық бирге ислесиў ушын байланысларды беккемлеўге айрықша
итибар қаратылады.
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы
Миллий орайы баспасөз хызмети.