Бул ҳаққында "Ҳудудгазтаъминот" акционерлик жәмийети мәлим етти.

Атап өтилиўинше, ҳәзирги күнде жәмийет тәрепинен республика бойынша 3 миллион 730 мыңнан аслам халық ҳәм 2 мыңға шамалас социаллық тараў объекти суйылтырылған газ бенен тәмийинленбекте.

Тараўда нызамлылық ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, суйылтырылған газдиң нызамсыз сатылыўы ҳәм талан-тараж етилиўиниң алдын алыў мақсетинде қадағалаў илажлары алып барылмақта.

Атап айтқанда, 2025-жыл ҳәм 2026-жылдың дәслепки тоғыз айы даўамында 3 мыңнан аслам тосыннан тексериў ҳәм рейд өткерилип, жәми 1 мың 217 қағыйдабузарлық анықланған.

Усы дәўирде суйылттырылған газди нызамсыз сатыўға қәнигелескен 471 "бункер" анықланып, олардың жумысына шек қойылған.

Көрилген илажлар нәтийжесинде баҳасы дерлик 2 миллиард сум болған 193,6 тонна суйылтырылған газ ҳәм улыўма баҳасы 8,7 миллиард сумлық 17 301 дана турмыслық газ баллонының нызамсыз сатылыўының алды алынды.

Сондай-ақ, 2026-жылдың тоғыз айында өткерилген хызмет тексериўлери даўамында 1,4 мың тонна суйылтырылған газ ҳәм 10 626 дана турмыслық газ баллоны талан-тараж етилгени анықланған.

Бул жағдайларға ҳуқықый баҳа бериў ушын 25 материал ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилген. Олар тийкарында 19 жынаят иси қозғатылған.

Жәмийеттиң мағлыўматына бола, ҳәзирги ўақытта да комплеанс-қадағалаў структуралары тәрепинен тексериў ҳәм рейд илажлары даўам еттирилмекте.

Пуқаралар суйылтырылған газдиң нызамсыз сатылыўы ямаса басқа да нызамбузыўшылық жағдайлары ҳаққында "Ҳудудгазтаъминот" АЖның 1104 қысқа номери, (71) 202-11-04 исеним телефоны ямаса antikorrupciya@hududgaz.uz электрон мәнзили арқалы хабар бериўи мүмкин.