Декабрь айында ҳаўа-райы климатлық нормадан бираз жыллы болып, орташа айлық температура 1-1,5 дәрежеге жоқары болыўы күтиледи. Биринши он күнликте тийкарынан ыссы ҳаўа райы орнайды: түнде 0...+5°, күндиз +10...+15°. Екинши ҳәм үшинши он күнликлерде кескин тербелислер болжанбақта: түнде +2...+7°, 0...-5°, күндиз +12...+17°, +2...+7°. Жаўын-шашын муғдары норма әтирапында ямаса оннан аз.
Январь айы улыўма климатлық нормаға жақын, айырым аймақларда бираз суўық болады. Биринши ҳәм екинши он күнликте температура кең диапазонда өзгереди: түнде +3...+8°, -3...-8°, күндиз +10...+15°, -2...+3°. Үшинши он күнликте аномал суўық болыўы күтиледи: көпшилик аймақларда түнде -12...-17гр суўық, күндиз -5...-10гр суўық; Нөкис ҳәм Үргенште түнде -20...-25гр суўық болыўы мүмкин.
Февраль айының көп жыллық нормаларға жақын болыўы болжанбақта. Биринши он күнликте аномал суўық сақланып турады: түнде -5...-10°, күндиз -3...+2°. Екинши ҳәм үшинши он күнликлерде айтарлықтай ыссы болыўы күтилмекте: түнде -2...-7°...+3...+8°, күндиз 0...+5°...+10...+15°. Қубла районларда күндизги температура +15...+20° қа шекем көтерилиўи мүмкин. Жаўын-шашын муғдары нормада.
Бул прогноз экономика ҳәм халықтың суўық ҳәм қолайсыз ҳаўа-райы шараятына таярлығын тәмийинлеў мақсетинде таярланған.
Мәўсимлик болжаў усыныслық характерге ийе.