Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанда жәми қамсызландырыў хызметлериниң көлеми 10 триллион сумды қураған. Бул 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2,6 триллион сумға көп.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен суд ҳүжжети тийкарында орынлаў ҳүжжетлерин орынламаўшы қарыздар физикалық шахслардың Өзбекстан Республикасынан шығыўын ўақтынша шеклеў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың өз-ара бирге ислесиў тәртиби ҳаққындағы режеге қосымшалар дизимнен өткерилди (дизимнен өткерилди: 3196-2, 26.11.2025-жыл).
Социаллық қорғаў миллий агентлиги басшылары А.И.Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университетиниң ректоры Сергей Тарасов пенен ушырасты. Илаж инклюзив билимлендириў ҳәм социаллық қорғаў тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған нәтийжели сөйлесиў болды.
Өзбекстан мусылманлары диний басқармасы 28-ноябрь күни мәмлекетимиздеги барлық мешитлерде жаўын сорап жәмәәт болып оқылатуғын ал-истиқа намазы өткерилетуғынын мәлим етти.
Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанда көрсетилген базар хызметлериниң көлеми 818,5 триллион сумды қураған (рәсмий емес ҳәм жасырын экономиканы баҳалаў бойынша статистикалық бақлаў нәтийжелерин есапқа алған ҳалда).
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20.11.2025-жылдағы "Жаслар дәптери" қоры арқалы социаллық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында"ғы ПП-222-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жаслар дәптери" қорлары арқалы социаллық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында"ғы Пәрманы қабыл етилди (2025-жыл 20-ноябрьдеги ПҚ-222-санлы).
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Жаслар дәптери" қорлары арқалы социаллық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында"ғы Пәрманы қабыл етилди (2025-жыл 20-ноябрьдеги ПП-222-санлы).
Республикамызда ҳәзирги ўақытта 289 мың 527 хожалық тәбийғый газден пайдаланады. Ал, алыс аўыллық елатлы пунктлердеги, яғный, тәбийғый газ жетип барыўы қыйын саналған аймақларда 100 мың 489 хожалық суйылтылған газге бейимлестирилген. Буннан тысқары 121 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси суйылтылған газ баллоннан пайдаланып келмекте.
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы Өзбекстан көшпес мүлк базарының октябрь айындағы динамикасының жаңаланған таллаўын усынды.