Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлим етти.
Атап өтилиўинше, Транспорт министриниң орынбасары Жасурбек Чориев Қытайдың «Tianjin Rail Transit Group» компаниясы бас директорының орынбасары Юнкан Ма менен сөйлесиўлер өткерди.
Ушырасыўда тәреплер метрополитен ҳәм темир жол транспортын раўажландырыў тараўындағы бирге ислесиў мәселелерин додалады.
Атап айтқанда, Қытай тәрепи бар метро линияларын реконструкциялаў ҳәм жаңаларын қурыў, сондай-ақ, Ташкент - Самарқанд жаңа темир жол линиясын қурыў жойбарында қатнасыўға қызығыўшылық билдирди. Компания бул жойбарларды толық үйрениў тийкарында өз усынысларын бериўге таяр екенин мәлим етти.
Ушырасыў даўамында Жасурбек Чориев Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолы ҳәм Трансаўған коридорын қурыў бойынша ири жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берди. Бул жойбарларды әмелге асырыўды қаржыландырыў, алдынғы технологиялар ҳәм инновациялық шешимлерди тартыў бағдарында бирге ислесиўге қызығыўшылық жоқары екенин билдирди.








