Президентимиздиң 2026-жыл 28-августтағы ПП-175-санлы Пәрманына муўапық, 1-ноябрьден баслап ЭҲНАТ ҳәм ТГНҲАТға жалғанған, аралықтан өшириў ҳәм жағыў имканиятына ийе есаплағышлары бар исбилерменлик субъектлери айлық электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ тутыныў баҳасының 15 процентин алдыннан төлейди. Онда соңғы еки ай даўамында төлем интизамына әмел етпегенлер буған кирмейди. Қалған төлемлер ай даўамында бөлеклерге бөлип әмелге асырылыўы мүмкин.
Сондай-ақ, бул исбилерменлер ушын электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў бойынша жазба есабатларды тәмийнат кәрханаларына усыныў миннетлемеси бийкар етиледи. Электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты бойынша шәртнамалар электрон түрде дүзиледи, оларды қағаз түринде рәсмийлестириў тәртиби бийкар етиледи.
Жаңа тәртип исбилерменлердиң айланыс қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў, артықша ҳәкимшилик процесслерди қысқартыў ҳәм бизнес жумысын және де қолайлы шөлкемлестириўге хызмет етеди.