Мәмлекетимизде автомобиль
санаатын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Бул
тармақ жоқары қосымша қун жаратыў, санаат кооперациясын раўажландырыў, мыңлаған
жумыс орынларын жаратыў ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Кейинги жылларда Өзбекстан
автомобиль санааты бәсеки ҳәм тутыныўшылардың мәплерине бағдарланған пүткиллей
жаңа раўажланыў басқышына қәдем қойды. Он жыл алдын
автомобиль базары бир ислеп шығарыўшы ҳәм узын гезек пенен байланыслы болған
болса, бүгинги күнде Chevrolet, BYD, KIA ҳәм Hyundai сыяқлы ири брендлер менен
биргеликте 5 автомобиль заводының жумысы жолға қойылған. Усы жылы Volkswagen,
Foton ҳәм JAC заводларын иске қосыў да режелестирилген.
Ең әҳмийетлиси, бул өзгерислерди халық тиккелей
сезинбекте. Базарда өним түрлери көбейип, узын гезеклер жоқ болды. Быйыл
автомобильлерди сатып алыўды қаржыландырыўға 20 банк тартылып, автомобильлердиң
95 проценти арзан кредит системасы арқалы бөлип-бөлип төлеў тийкарында сатылды.
Соның менен бирге, қоңсы мәмлекетлер базарына
мөлшерленген автомобильлер ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыў да
раўажланбақта. Тараў әтирапында жаңа кооперация шынжырлары қәлиплесип, 10
мыңнан аслам жас қәниге заманагөй технологиялар тийкарында жумыс алып бармақта.
300 ден аслам кәрхана Chevrolet, 40 қа шамалас кәрхана KIA ҳәм BYD ушын
комплектлеўши бөлеклер жеткерип бермекте.
Жеңил ҳәм коммерциялық автомобильлерди ислеп шығарыў
ҳәм жыйнаў бойынша көплеген жойбар усынысларының келип түсиўи Өзбекстанда
қолайлы инвестициялық орталық ҳәм жоқары ликвидли базар қәлиплесип атырғанынан
дәрек береди. Соның менен бирге, ҳәр бир жойбар базар талабы ҳәм экономикалық
нәтийжелилиги бойынша баҳаланыўы, тийкарғы итибарды сыртқы базарларда бәсекиге
шыдамлылығын тәмийинлеўге қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Презентацияда Volkswagen автомобильлерин ислеп шығарыў
жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди. Режеге муўапық, биринши басқышта ири узелли
жыйнаўды Ташкент қаласында иске қосыў нәзерде тутылған. Кейинги басқышта
"Ангрен" еркин экономикалық зонасы аймағында толық өндирис процесин
жолға қойыў, локализациялаў дәрежесин арттырыў ҳәм сыртқы базарларға шығыў
режелестирилген.
Әндижан ҳәм Жиззақта заманагөй инженерлик мектеплери
ашылғаны, жас изертлеўшилер ҳәм инженерлердиң жаңа әўлады қәлиплесип атырғаны,
улыўма етип айтқанда, жергиликли бренд ушын зәрүр интеллектуаллық потенциал бар
екенлиги атап өтилди.
Усы мақсетте "Өзавтосанаат" АЖ системасында
илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысын раўажландырыў бойынша қарар
қабыл етилди.
Тараўдағы және бир үлкен имканият - автомобиль
комплектлеўши бөлеклери базары екени атап өтилди.
Бул бағдарда комплектлеўши бөлеклер базарын тәртипке
салыў, жергиликли өнимлердиң үлесин көбейтиў, сертификатлаў системасын жетилистириў,
заманагөй сынаў лабораторияларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Халықаралық
консалтинг компанияларын тартқан ҳалда, 2026-жылдың ақырына шекем автомобиль
аўысық бөлеклери базарын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Президентимиз автомобиль санааты мәмлекет
экономикасының стратегиялық тармақларынан бири екенин атап өтип, бәсекини
күшейтиў, локализациялаўды тереңлестириў, тараўда миллий инженерлик мектебин
раўажландырыў бойынша анық тапсырмалар берди.