Адамлар әллеқашан балықты тек ғана тағам сыпатында емес, ал күнделикли аўқат сыпатында менюине киргизген. Соған жараса бул түрдеги өнимлерди ислеп шығарыў көлемлери барған сайын артып, ең дәраматлы тараўлардан бирине айланды. Қалаберди, балықшылық азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, адамлардың гөш өнимлерине талабын қанаатландырыўда әҳмийетли бағдар болып есапланады.
Балық жетистириўде тийкарғы мәселе суў тәмийнатына барып тақалады. Бүгин жәҳән базарын балық өнимлери менен тәмийинлеп атырған ири мәмлекетлер әйне суў ресурсларына бай екенин көриў мүмкин. Бирақ ҳәзир қалайын тапсаң, қар да жанатуғын дәўирде жасап атырмыз. Илимий ҳәм заманагөй технологиялар арқалы машқалаларға шешим табыў мүмкин. Балықшылық та сондай, тәбийғый суў бассейнлери шекленген шараятта заманагөй интенсив усылдан пайдаланып, ҳәўизлерде балық жетистириў әлле қашан ғалаба ен жайып үлгерди.
Өзбекстан шараятында 8-9 жыл алдын бундай технологиялардың енди ғана қолланылыўы басланғанында балық жетистириў көлеми оғада төмен еди. Базарларда балық түрлери де, саны да аз еди, талап та соған жараса болган. Халықтың балық пайдаланыў көрсеткиши ҳаққында-ақ, айтпаса да болады. Бирақ балықшылық тармағын раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалар басланғаннан соң, тараўда заманагөй интенсив технологиялар енгизилди, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўдың ҳуқықый ҳәм финанслық механизмлери қәлиплестирилди, халықтың шаңарақларында балық жетистириў жеделлести. Нәтийжеде ишки базарларымыз локализацияланған балық түрлери менен толды. Енди экспортты арттырыўымыз керек.
Бүгинги күнде суў ресурслары шекленген болыўына қарамастан, мәмлекетимиз Орайлық Азияда балық жетистириў бойынша жетекши орында тур. Өткен жылы елимизде 206 мың тонна балық жетистирилди. Бирақ бул еле жетерли емес. Мағлыўматларға бола, егер бар имканиятлар толық иске қосылса, Өзбекстан шараятында бул санларды ҳәзиргиден бес есеге арттырыў имканияты бар.
Президентимиздиң усы жыл 2-июльдеги "Балықшылық тармағын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы менен усы бағдарда белгиленген ўазыйпалар оған жол ашады. Онда тийкарғы итибар суў ресурслары шекленген шараятта балықшылық тармағын және де раўажландырыў, тараўда бирден-бир басқарыў системасын енгизиў, балық өнимлериниң түрлерин көбейтиў, интенсив технологияларды кеңнен үгит-нәсиятлаў арқалы балық жетистириў көлемин арттырыўға қаратылған. Исбилерменлер ушын болса бир қатар жеңилликлер, қосымша субсидиялар да белгиленген болып, бул балықшылық хожалықларының жумысына үлкен жеңиллик береди. Бул ҳәрекетлер балықшылық тараўында исленип атырған ең үлкен реформалардан бири, тармақта жаңа басқышқа өтиў дәўири екени айтылмақта.
- Тек ғана жаңа ўазыйпалар белгиленбеди, ал балықшылық тараўындағы бар машқалаларды анық механизмлер тийкарында шешип, ҳәр бир бағдар бойынша нәтийжелиликти арттырыўға қаратылған әҳмийетли, айтыў керек болса, тарийхый қәдем тасланды, деп айтыў мүмкин, - деп пикир билдиреди "Өзбекбалықсанаат" ассоциациясының баслығы Омон Мусаев. - Анық дәлили, 2026-2027-жыллар балықшылық тармағын жедел раўажландырыў, азықлық базасын беккемлеў ҳәм интенсив технологияларды ғалаба ен жайдырыўдың тийкарғы дәўири сыпатында белгиленбекте. Бул дәўирде мәмлекет тәрепинен тараўға кең көлемли финанслық, шөлкемлестириўшилик ҳәм институционаллық жәрдем көрсетилиўи нәзерде тутылған.
Дурыс, кейинги жыллары елимизде балықшылық бир қанша раўажланды, экономиканың белсенди тармақларынан бирине айланды. Бирақ тараўда бир қатар системалы машқалалар жоқ емес еди. Пәрман менен әне усыларға анық шешимлер берилди. Мәселен, бүгинги күнге шекем тараўда мәмлекетлик басқарыў бир неше уйымлар арасында бөлистирилгени себепли бирден-бир муўапықластырыў механизми қәлиплеспеген. Суў объектлеринен пайдаланыў, оларды ижараға бериў, балық жетистириў көлемлерин мониторинг етиў, мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған финанслық жәрдемлерди муўапықластырыў ҳәм инвестицияларды тартыўда бирден-бир қатнас жетиспейтуғын еди. Буннан тысқары, бар суў ресурсларынан толық ҳәм нәтийжели пайдаланылмай атырғаны, интенсив технологиялардың барлық аймақларда бирдей дәрежеде енгизилмегени, заманагөй аралас жем ислеп шығарыў қуўатлықларының шекленгени, нәсилшилик жумысларының жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени және маман ихтиолог ҳәм балық кеселликлери бойынша қәнигелердиң жетиспеўшилиги тармақтың раўажланыўын шеклеп келмекте.
Сол себепли, биринши гезекте, балықшылық тараўында бирден-бир мәмлекетлик басқарыў системасы енгизилмекте. Буның ушын Суў хожалығы министрлиги жанында Балықшылықты раўажландырыў орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў белгиленди. Бул орай балықшылық тараўын раўажландырыў бойынша бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын тийкарғы ўәкилликли шөлкемге айланады. Атап айтқанда, суў объектлеринен нәтийжели пайдаланыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў илажларын муўапықластырыў, мониторинг системасын жүргизиў, санластырыў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм аймақларда балықшылықты раўажландырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў жаңа орайдың тийкарғы ўазыйпалары есапланады.
Суў лимитлери ислеп шығылады
Балықшылықта тийкарғы мәселелерден бири суў тәмийнаты, бар суў ресурсларынан дурыс пайдаланыў болып табылады. Әсиресе, заманагөй интенсив балықшылықта жыл даўамында үзликсиз суў жеткерип бериў оғада әҳмийетли. Себеби жасалма суў бассейнлери барлық ўақытта да тәбийғый көллерге жақын жайласпаған ҳәм оларды суў менен толтырыў улыўма тармаққа байланыслы болып қалады. Әмелиятта болса жаз, гүз, қыс мәўсиминде айырым хожалықларға суў жеткерип бериўде үзилислер бақланып, бул балық жетистириў көлеми ҳәм нәтийжелилигине унамсыз тәсир көрсетеди.
Бул машқаланы системалы шешиў ушын кепилленген суў тәмийнаты ҳәм суў объектлеринен нәтийжели пайдаланыўдың жаңа механизми енгизилмекте. Яғный, енди елимиздеги суў сақлағышлар, коллектор-дренаж тармақлары ҳәм тәбийғый суў объектлери бирден-бир система тийкарында басқарылады. Онда бул суў объектлери балықшылықты раўажландырыў мақсетинде жаңадан шөлкемлестирилген орайға бириктириледи ҳәм олардан пайдаланыў бойынша бирден-бир тәртип енгизиледи. Сол арқалы ҳәзирги күнде толық пайдаланылмай атырған суў бассейнлерин экономикалық айланысқа тартыў, интенсив технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм ҳәр бир суў объектинен жоқары экономикалық нәтийже алыў нәзерде тутылған.
Бул бағдарда тийисли мәмлекетлик шөлкемлерге анық ўазыйпалар жүкленген. Мәселен, Суў хожалығы министрлиги интенсив усылда балық жетистириўшилер ҳәм нәсилшиликке қәнигелескен балықшылық хожалықларын турақлы, соның ишинде, гүзги-қысқы дәўирде суў менен тәмийинлеўи керек. Суў лимитлерин белгилеў, суўды өз ўақтында жеткерип бериў ҳәм балықшылық хожалықлары тәрепинен суўдан пайдаланыўды қадағалаў да солардың мойнында.
Илимий-изертлеў институтлары болса балықшылық хожалықларында пайдаланылып атырған суў нормалары ҳәм нормаларын ислеп шығады. Қәнигелердиң айтыўынша, бул бағдарда жаңа ҳәм заманагөй механизмлерди енгизиў нәзерде тутылған. Мәселен, балықшылық хожалықлары пайдаланып атырған суўдың сарыпланыў нормалары анықланып, анық есабы жүргизиледи, ҳәр қыйлы мәўсимлер ушын талап етилетуғын суў муғдарының лимитлери ислеп шығылады. Бул арқалы балықшылық хожалықларының суўға болған реал талабын қанаатландырыў, суўдың жумсалыўын қадағалаўды орнатыў ҳәм артықша жумсалыўдың алдын алыў нәзерде тутылған болып, ҳәр бир процесс илимий тийкарда алып барылады.
Балықшылықты раўажландырыў орайының тийкарғы тәрепи де сонда - ҳәр бир әмелият илимий қатнас ҳәм заманагөй технологиялар тийкарында әмелге асырылады. Қалаберди, аймақларда балық кеселликлерин жеделлик пенен анықлаў имканиятын беретуғын ең заманагөй мобиль лабораториялар шөлкемлестириледи. Бул илимий хызметкерлердиң өзи балықшылық хожалықларына барып, машқалаларды үйренеди, оларға орнында шешимлер береди, дегени. Мобиль шараятта лабораториялық анализлер өткериледи. Ҳәзирги ўақытта балықшылық тармағында бундай заманагөй лабораториялар жоқ ҳәм олардың пайда болыўы, әсиресе, елимизде бар алты мыңнан аслам балықшы фермердиң ең аўыр машқаласын шешеди.
Гәп сонда, балықшылық хожалықлары көбинесе суўдың қурамын таллаў сыяқлы түрли мәселелерде республикалық лабораторияға барыўына туўра келеди. Әсиресе, кеселленген балықларды таллаў зәрүрлиги жүзеге келгенде, ыссы мәўсимлерде оларды тасыў, бириншиден, жүдә қыйын мәселе. Қалаберди, тасып алып барылған жағдайда да дурыс диагноз қойыў мүмкин емес, себеби балық тез бузылыўы мүмкин. Ҳәр бир аймақта шөлкемлестирилетуғын мобиль лабораториялар мине усы машқалаға шешим болады. Енди лабораторияның өзи балықшылық хожалықларына барып, анық ҳәм оператив анализлерди әмелге асырады.
Жем, нәсилли балық ҳәм заманагөй технологиялар ушын субсидия
Ўазыйпалар анық, бағдарлар белгиленген, енди оларды әмелге асырыў керек. Онда тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлер тийкарғы орынды ийелейди, әлбетте. Сол себепли пәрман менен балықшылық хожалықларын финанслық қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар жеңилликлер ҳәм субсидиялар белгиленди.
- Балықшылық хожалықларына алты бағдарда субсидия қаржыларын ажыратыў ўазыйпасы қойылды, - дейди аўыл хожалығы министриниң орынбасары Акмал Қосимов. - Биринши бағдар интенсив усылда жумыс алып барып атырған балықшылық хожалықларының альтернатив энергия дәреклерине өтиўин хошаметлеў менен байланыслы. Онда хожалықларға қуяш панельлерин сатып алыў ҳәм орнатыў ушын алынған кредитлер бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи ҳәм қуўатлылығы 50 киловаттқа шекемги қуяш панельлерин орнатыў қәрежетлериниң 20 процентине шекем субсидия ажыратылады. Қалаберди, энергияны үнемлейтуғын заманагөй аэраторларды сатып алыў қәрежетлериниң 50 процентине белгиленген нормалар шеңберинде мәмлекет тәрепинен субсидия бериледи. Бул қоллап-қуўатлаў интенсив технология тийкарында гектарынан жоқары өнимдарлыққа ерискен хожалықларға енгизиледи.
Нәсилшиликти раўажландырыў мақсетинде жоқары өнимдарлы нәсилли ана балықларды сырт елден импорт етиў қәрежетлериниң 50 процентине шекемги бөлеги де субсидияланады. Бул жергиликли инкубация ҳәм нәсилшилик базасын беккемлеў, өнимдарлықты арттырыў кеңееди, дегени. Сондай-ақ, жыллық қуўатлылығы кеминде 20 мың тонна болған заманагөй аралас жем ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў ушын үскенелер сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Бул ҳәзирги ўақытта балықшылық тараўындағы ең әҳмийетли машқалалардан бири - сапалы аралас жемге болған жергиликли талапты қанаатландырыўда әҳмийетли. Жаңа өндирис қуўатлықлары саны артқаны менен, базарда да бәсеки пайда болады. Импорттың орнын басатуғын жергиликли өнимлер от-жем баҳасын турақластырып, интенсив балықшылық нәтийжелилиги және де артады.
Жабық суў айланысы системасы технологияларын кеңнен енгизиў болса инновациялық жаңалықлардан бири болып есапланады. Бул технология жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўда қолайлы болып, ҳәзирги ўақытта жабық айланба суў тәмийнаты системасы Балықшылық илимий-изертлеў институтында тәжирийбе-сынақ тәризинде иске қосылған. Бул технологияда ҳәўизлер бир мәрте суў менен толтырылады ҳәм турақлы түрде биологиялық және механикалық фильтрлер арқалы тазаланады. Кейин ала бул суў балықшылық ушын альтернатив дәрек сыпатында пайдаланылыўы мүмкин. Келешекте жаңа технологияны халықтың үйлеринде ҳәм балықшылық хожалықларында кеңнен енгизиў нәзерде тутылған. Буның ушын пәрман менен финанслық жеңилликлер де белгиленди. Атап айтқанда, жабық суў айланба системасы технологияларын шөлкемлестириў ушын жумсалатуғын улыўма қәрежетлердиң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен компенсацияланады.
Бул еле ҳәммеси емес. Жаңа системада тийкарғы итибар илимий ҳәм инновациялық көзқарасларға қаратылмақта. Буның ушын маман қәнигелер, алдынғы сырт ел тәжирийбеси зәрүр. Сонлықтан, балықшылық хожалықларына сырт елден тартылатуғын қәнигелердиң мийнет ҳақысының бир бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплаў механизми енгизилмекте.
Жылына 500 мың тонна
Бул жеңилликлер тегин берилмей атыр. Олардан әмелиятта пайдаланған ҳалда балықшылық хожалықларын көбейтиў, елимизде балық жетистириў көлемин еселеп арттырыў керек. Анығырақ санларға келсек, 2026-2027-жылларда елимиздеги бар жасалма суў бассейнлерин интенсив усылға өткериў есабынан балық жетистириў көлемин 500 мың тоннаға жеткериў, форел ҳәм осетр сыяқлы жоқары қунлы балық түрлерин жетистириў бойынша 2027-жылдан баслап жылына 20 мың тонна өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў режелестирилген.
Берилип атырған қосымша жеңилликлер болса бул бағдарда балықшылық хожалықлары ушын жүдә қолайлы болады. Қалаберди, исбилерменлерге миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлеги компенсацияланады, ири инвестициялық жойбарлар ушын мәмлекет кепиллиги бериледи және айланыс қаржыларды толықтырыў мақсетинде жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.
"Балықшылық хожалықлары ушын оғада үлкен жеңилликлер берилмекте, - деди наўайылы исбилермен Шуҳрат Давронов. - Белгиленген ўазыйпалар жақын мүддетлерге мөлшерленгени, соның ишинде, 2026-2027-жыллар балықшылық тараўында тийкарғы дәўир етип белгиленгени, айрықша әҳмийетке ийе. Себеби әмелий ҳәрекетлер қаншелли тез болса, нәтийжелилик соншелли ерте көринеди.
Кейинги жыллары халқымыз балықшылықта жақсы тәжирийбе топлады. Жаңа ҳәм заманагөй технологияларды қолланыўды басладық. Халықтың шаңарақларында да балық жетистириў ғалабаласып атыр, қулласы, дәраматлы тармаққа айланды. Соның арқасында халқымыздың балық өнимлерине талабы қанаатландырылып атыр. Енди мине усы жумысларды буннан былай да раўажландырыў, жаңа басқышқа алып шығыў мақсет етилген. Бул тараўға және де алдынғы технологиялар кирип келеди, дегени.
Бүгинги күнде балықшылық хожалығымыздағы 16 гектар жерде жылына еки мәрте өним алып, 550-600 тоннаға шекем балық жетистирип атырмыз. Алдын балықты дәстүрий усылда жетистирген болсақ, кейинирек ярым интенсив усылға өттик. Тараўда берилип атырған жеңилликлерден пайдаланып, интенсив усылда да балық жетистириўди басладық. Ҳәзирги күнде тек ғана ўәлаятымыз емес, ал елимиздиң барлық аймақларына балық жеткерип берип атырмыз. Енди өнимлеримизди сырт елге экспорт етпекшимиз".
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы