Ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 18-декабрьдеги ПҚ-254-санлы
Пәрманына муўапық ислеп шығылған ҳәм баҳалы қағазлар эмитентлериниң рейтингин жүргизиў,
сондай-ақ, усы рейтинг тийкарында тийисли тәсир илажларын қолланыў тәртибин
белгилейди.
Эмитентлердиң рейтинги Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги тәрепинен
ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша жүргизиледи ҳәм Корпоративлик мәлимлеме бирден-бир
порталында (openinfo.uz) жәрияланады.
Рейтинг нәтийжелери есабатлы шеректен кейинги екинши айдың биринши он
күнлигинде жәрияланады ҳәм бул ҳаққында эмитентлер жеке кабинети арқалы
хабардар етиледи.
Бунда эмитентлердиң рейтинги 7 критерия бойынша қойылған баллар суммасы
бойынша анықланады.
Топланған баллар
суммасы бойынша эмитент төмендеги категориялардан бирине киреди:
"А"
категориясы;
"Б"
категориясы;
"С"
категориясы;
"Д"
категориясы.
Усы
категорияларға муўапық эмитентлерге 3 ай мүддетке шекем тәсир илажлары
қолланылыўы мүмкин.
Қымбат баҳалы
қағазлар эмитентлериниң рейтингин жүргизиў тәртиби ҳаққындағы режениң қабыл
етилиўи эмитентлер жумысының ашық-айдынлығын арттырыўға ҳәм қымбат баҳалы
қағазлар базарында акционерлердиң ҳуқықларын қорғаўға қаратылған.
Реже рәсмий
жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен соң күшке киреди.